Фермерлер суў хызметлери ушын ҳақ төлейтуғын еди, енди бул бийкарланады

Жылдан-жылға глобалласып баратырған суў машқаласы бул тәбийғый ресурстан өнимли пайдаланыў, оны ысырап етпеў, бийкарға сарыпламаў зәрүрлигин аңлатпақта.
Усы себепли де мәмлекетимизде суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, суўдан пайдаланыў мәдениятын көтериў арқалы халықтың санасында қәлиплескен «суў – тегин» түсинигинен ўаз кешиў ҳәм суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Күни кеше Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде суў ресурсларын басқарыў системасын және де қәлиплестириўге қаратылған нызам жойбары қабыл етилген еди. Усы ҳүжжетте нәзерде тутылып атырған жаңалықлар ҳаққында Нызамшылық палатасының Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитети ағзасы Равшан Бегматов төмендегилерди айтып берди:

– Төменги палатамызда қабыл етилген бул нызам жойбары менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Жойбар мәмлекетимиз басшысының усы жылы 5-январьда қабыл етилген «Төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын қәлиплестириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған. Усы қарарда белгиленгениндей, районлық ирригация бөлимлери ҳәм арнаўлы хызметлер негизинде «Суўды жеткерип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилди. Бул мәмлекетлик мәкеме ендиги жағында төменги буўынға шекемги суўдан пайдаланыўшыларға суў жеткерип бериў хызметлерин көрсетеди.

Әмелде суў жеткерип бериў хызметлери ушын фермерлер тәрепинен ҳақ төленетуғын еди. Соның менен бирге, суўдан пайдаланғаны ушын салық та төленетуғын еди. Енди усы нызам жойбары менен суў жеткерип бериў хызметлерине ҳақы төлеў бийкарланбақта, тек салық төленеди. Усы төленген салық түсимлериниң 40 проценти суўды жеткерип бериў хызметлерин жетилистириўге бағдарланады. Буған ишки тармақларды бетонлаў, тазалаў, тутыныўшыларға суў лимитлерин ислеп шығыў, жеткерип бериў хызметлерин әмелге асырыў сыяқлылар киреди.
Және бир өзгерислерден бири, енди аўыл хожалығы талаплары ушын суўдан пайдаланыўшыларға суў алыў лимитлерин халық депутатлары район (қала) кеңеслери тәрепинен тастыйықлаў мәселеси болып есапланады. Бул не береди? Бул суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, оны басқарыўды қәлиплестириўге хызмет етеди. Сондай-ақ, суўды төменги буўынларға шекем жетип барыўын тәмийинлеўде жәмийетлик бақлаўды да күшейтеди.
ӨзА хабаршысы
Муҳтарама КОМИЛОВА
жазып алды.