Мақсет – Ўатанға садық, жигерли жасларды тәрбиялаў

146


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Әскерий-ўатан сүйиўшилик ханасы» шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында институт баспасөз хызмети хабар берди.

– Ҳәзиргидей глобалласыў ҳәм кескин бәсекилик дәўиринде, дүньяның ҳәр қыйлы мүйешлеринде, соның ишинде, бизге узақ болмаған аймақларда жүз берип атырған қураллы келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар, жаңа қәўип-қәтерлер алдымызға кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларды белгилеп бермекте,–дейди институттың Дене мәденияты факультети деканы Амангелди Өтепбергенов.

Усындай шараятта елимиз жасларын Ўатанға муҳаббат, атап айтқанда, әскерий-ўатан сүйиўшилик, жоқары руўхый-этикалық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, олардың санасына тынышлық ҳәм татыўлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлаў зәрүрлигин терең сиңдириў, «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан!» деген ийгиликли идея тийкарында жаслар тәрбиясының әҳмийетли бағдарлары бойынша илажларды нәтийжели түрде алып барыўда жаңадан шөлкемлестирилген «Әскерий-ўатан сүйиўшилик ханасы»ның әҳмийети үлкен.

Ҳәр қандай аўыр ҳәм қурамалы жағдайда Ўатанымызды қорғаў, оның даңқын дүньяға жайыў сыяқлы ең әҳмийетли түсиниклерди, турмыслық ҳәм профессионал көнликпелерди илим-билимлендириў, сондай-ақ, миллий қәдириятлар тийкарында жаслардың санасына сиңдирип барыў арқалы ана Ўатанымызды шын шүректен сүйетуғын, садық ҳәм жигерли жасларды тәрбиялаў – бизиң баслы мақсетимиз.









Бул жерге әскерий шараятта пайдаланылатуғын барлық түрдеги қурал-жарақлар, техникалар, ҳәр қыйлы әсбап-үскенелердиң үлгилери алып келинген болып, жаслардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға хызмет етеди.

Бул жерде институт студентлери менен биргеликте аймақтағы жаслардың қатнасыўында мәртлик сабақларын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў да режелестирилмекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги