Пайтахтымыздағы 2-санлы Мәденият орайында «Ана дияр сазалары» атамасындағы телетаңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Таңлаўға Нѳкис қаласы ҳәм районлардан жәми 7 фольклор-этнографиялық халық ансамбллери қатнасып, өнерлерин көрсетти. Таңлаў жуўмағында Тахтакѳпир районындағы 26-санлы Мәденият орайы жанындағы «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық ансамбли биринши, Нѳкис қалалық 1-санлы мәденият орайы жанындағы «Суў серпер» фольклор-этнографиялық халық ансамбли екинши, Әмиўдәрья районындағы 34-санлы мәденият орайы жанындағы «Офарин» фольклор-этнографиялық халық ансамбли ҳәм Шымбай районындағы 22-санлы мәденият орайы жанындағы «Бес перде» фольклор-этнографиялық халық ансамбли үшинши орынға ылайық деп табылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги