Бүгин пайтахтымыздағы Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатында «Жаслық бәҳәри» жас опера атқарыўшыларының таңлаўы болып өтти. Дүнья көркем өнериниң дүрданаларынан бири болған опера атқарыўшылығын еле де раўажландырыў, усы бағдарда дөретиўшилик етип атырған жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм дөретиўшилигин раўажландырыў арқалы оларды үлкен сахналарға алып шығыў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўға 17 жастан 25 жас аралығындағы жигирмаға шамалас талантлы жаслар қатнасты.

Таңлаў жуўмағында төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықланып, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти Б.Қыдырбаев, Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нөкис филиалы студентлери Д.Кеўнимжаева, А.Сабыржанов, М.Гаипова, А.Альжанов, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқыўшысы Ф.Ембергенов,  Нөкис қалалық  «Арзыў» эстрада халық ансамбли қатнасыўшысы А.Қалбаевлар таңлаўдың Ташкент қаласында болып өтетуғын   финал басқышына жоллама алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги