Устаздан озған шәкиртке арнаў

540

Тамара!…. Дәслеп студентим. Айрықша оқыды. «Бир жақсы жазылған реферат та, өмириңше пайдаға асатуғын билим болыўы мүмкин” дегенимди инабатқа алып, қәҳәрли Виссарион – қатаң сыншы Белинский ҳаққындағы рефератын муқыят жазып, түсинип айтып берип, «5» баҳасын алған студент.

Оқыўын қызыл диплом менен тамамлады.

«Илим жолын таңлағаның мақул» деп нәсият айтқаным есимде. Нәсиятқа  қулақ асты ма, я тәғдир ме, аспирантурада оқыды. Устаз-шәкирт болып қатнасты үзбедик. Аспирантурада оқығаны менен өз билгенинен қалмай, журналистлик кәсибине қулшынып кирисип кетти.

Университетке оқытыўшы болып жумысқа алынса да, журналистлик кәсиби басым келеберди. «Еркин Қарақалпақстан» газетасында да  ярым штатта жумыс ислеп, өзине тән публицистлик жолын баслады.  Рети келсе, әпиўайы мийненткеш пенен жалпақ тилде сөйлесип отырып-ақ, оның образын дөретип, салмағы  «батпандай» мақалалар жазды. Рети келсе, самолеттен жаңа түскен ел басшысының алдына машқаланы көлденең тартып байрам алды интервьюин алып, жедел, тартымлы мақалалары менен оқырманды таңландырды. «Дәўжүрек балалар кеўил сарайы нәзик ҳаяллардан туўылады», «Робин Гудтың елине барғанда», «Кемпир оқыўшым» киби мақалаларының гейде атамалары, гейде ишиндеги айырым гәплер афоризмдей журтшылықтың тилине көшти.

Бул жыллар ишинде оның «Қарақалпақ университети» газетасына редактор болғаны да бар. Өрлеў жолында имканиятлары мол екенинен, оған университеттиң илимий журналы жуўапкершилиги де жүкленди. Бул журналдың шөлкемлестрилиўинде салмақлы үлеси де бар.

Усындай гейпара жетискенликлеринде «азы-кем нәсият, жақсылығын айтқан усыныс-қәтере дегендей мениң де үлесим бар, деп сәл мақтансам ше?!. Бәрибир пайдасы жоқ!.. (Ҳәзил гәп те болсын, енди!..) Тамара өзи де жетискенликлерге ериссе  де тоқтай алмайтуғын «тормоз»ы жоқ талант, Алла таала берген, талант, қәлесең де қәлемесең де өршийбереди.

Өршигени сол, журналистика өндирисинде белгили белеслерге жетип, Тамара бир күнлери «әй яқшы, оның не қыйыны бар» деди-де, енди илимге бел байлады. Аспирантурада оқығаны бар, избе-изли «пейджи»ди де, «сайнс»ты да қаңтарып алды. Хәзир ол өз бийигине ийе  илим докторы!

Қорқынышлысы, өзинше нәсият айтқан болып жүрген устаздан озып кетти!

Негизинде, бул туўры диалектика.

Ол жақында өзине арналған бир телекөрсетиўде өмирдиң илимий, мәнаўий, турмыслық мазмунларын маманларша талқылап, Ана сыпатында шаңарақта, Алла берсе,  көп перзентлиликти  мақуллайтуғынын   айтты. Ҳәр кимниң де пикирин сыйлаған ҳалда  позициясын биймәлеллеп билдирди.

Өзине келсек, бүгинги күни Тамара  хәм Раўаждың тәрбиялап атырған перзентлери “түпәләм, тил-көзден аман болғай” деп ғана сөйлеуге  ылайық ул-қызлар.

Бул ата-ананың перзент тәрбиясындағы мийнетиниң нәийжелери жанында, олардың өзлериниң мәртебелери көзге көринбей де қалды. Және тил-көзден сақлағай, деп айтайын, Тамараның бүгинги исми – жәҳән чемпионының Анасы. Раўаж инимизди – судья деп емес, Гүлистанның Папасы деп таныйтуғы болдық. Мәрҳаматлы Алла бәрше инаятларын узағына берген болғай деп тилеклеслик билдиремиз.

Айтпақшы, Тамара мениң  устазым. Ҳәр ўақыт, «Қарақалпақ тилиниң байлығын оннан үйрендим, өзи дөретиўши адам аўылда туўылып- өсиў керек-ау» деп жүремен.

Биргеликте саўап ислеп, қалыс хызмет пенен жақсы инсанлардың китапларын редакторлеп бердик. Т.Жумамуратовтың «Өмириңниң өзи философия» деген китабын таярлаўда, сондай-ақ, басқа авторлардың мен  жуўаплы редактор болып, баспадан шыққан китапларда да ол көп қап қолласты. «Тап усы абзац болмағанда не қылады», «тап усы гәп жүдә бир әҳмийетке ийе болып турған жоқ» деп аямай қысқартыў Тамара екеуимизге де тән усыл  болып сәйкес келди.  Оқытқанда мен редакторлаўдың теориясын үйреткен болсам,  оқып болып, ол газетадан алған мол тәжирийбеси менен бөлисти. Түн жарпында, қоңыраўлап, «Тамара, мынадай сөз»ди еситиппе едиң, мәниси не екен?» деп «шырт» уйқыдан оятқанларымды айтпағанда…

«Тамара бир көрип шықпаса, мақаламды редакцияға апара алмайман» деген де әдетлерим бар еди, (сөзим өтетуғын ўақытта.- ҳәзил).

Және бир гәп. «Мени шайыр қылған Тамара» деймен. Себеби, бар. Мениң ең жаман қәсийетим, оған да унамайды бул – жазғанымды баспасөзге бериўге, жәриялаўға, китап етип шығарыўға қызықпайтуғыным. Усы машқала жөнинде ол студентлигинен берли күйип-писип айта-айта жағы талды.

«Еркин Қарақалпақстан»да ярым штатқа жумысқа кирген ўақытлары, мениң шаңарағым қоныс жаңалап, адресим өзгерген күнлери еди.

– Малика апа, үйиңиз қаерде, тезирек айтып жибериңиш,-деп қоңыраў етти, түске жақын. Адрести айтыўдан такси менен жетип келди. «Обедтен бурын газета бетин тапсырыўым керек, Сизиң қосықларыңызды жайластыраман, деп орын қойдық. Бас редакторымыз Шарап ағаның да хабары бар, тезирек қосық бериң!» деди, үйге кирип киятырып. – Сыртта такси күтип тур!»

Солай етип, «жәрияланыў» деген не сөз екенин умытқан қосықларымды «жағамнан алып», әй-пәйге қаратпай, бир-еки бет қағазларды жалбыратып алып кетти. Ертеңине газетада әнедей қосықларым пайда болды. Ол «жанымды алыўды» тегинде тоқтатағоймады. Қайтадан қосықларымды келеге келтирип, «Еркин…»ди материал менен тәмийинлеўге киристим. Соң өзим де редакцияларға барып «шығарағойың»ды басладым. Ол тек қосыққа қәнәәт етпей, «тез жуўап жазып бериңиш» деп сораўларды қолыма услатып, «Вести Каракалпакстана»да «Труд журналиста состоит из 86 400 секундов в сутки, «Еркин Қарақалпақстан»да» «Информация дәўиринде публицистика» деген киби  сәўбетлеримизди жәриялады.

Бир күни таңғы алтыда қоңыраў етип, «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасына 1-октябрь сәнесине дөретиўши устазлар рубрикасында қосықлар жайластырылады екен, мен Сизди айттым, бир жақсы сүўретиңиз бенен билимди улығлаўшы қосықларыңыздан тез жибериң, унаса, унайды ғой, өзлери аўдарып шығарады. Малика апа, өтиниш, ҳәзир жибериң» деди. (Сөйтип енди ол устазға айналып, маған буйыра берди). Солай етип, Тамара устазымның шарапаты менен бир-еки күннен Өзбекстан газетасында қосықларым шықты.

Ол кейин де «Қарақалпақ университети» газетасында да көп қосықларымды, мақалаларымды жәриялады. Газета мазмуны, макетлери ҳаққында ойласқан ўақытларымыз да көп болды. “Малика апа, ана не…” деп, пикирлеримди сорап турады, дегендей..

Буннан көп жыл бурын «Әмиўдәрья» журналына «Жаңғырық» деген эссемди апарғанман. Журнал редакторы Оразбай Абдирахманов ағай жәриялаўға қабыллады. Редактор Нәбийра Төрешова» апай да унамлы баҳалап, «әкеңиз жөнинде мысаллардан көбирек қосыңқыра» деп, және қарап шығыўға үйге берип жиберген еди. Үйшилик, сол эссе, сол турсында қалып кетти. Оразбай аға, берекет тапсын, бир қоңсымыздың тойында қостарым Қоңыратбайдан «Эссесин әкелсин» деп сәлемнама айтып жиберипти. Ол эссе сонда да орнынан қозғалмады.

Тамара айтқанын қылдырып, газетасына «Жаңғырық»тың кирисиў ҳәм биринши бөлиминен кишкене газетаға талабынан шетлеп көлемли материалды жәриялады. Ҳәм эссе изине қаўыс ишине «Бул эссенин толық тексти «Әмиўдәрья» журналында жәрияланады» деп жазып қойды. «Малика апа эссесин енди Әмиўдәрья»ға апармай да көрсин» дегендегиси. Дөретиўшилер арасындағы таптырмас тилеклеслик бул!

«Кемпир оқыўшым» демекши… Университетимизде шет тиллери факультети бар болса да, «жетик үйретеди» деген ойда шығар, қарақалпақ тилин үйрениўге келген шет елли тилшилерден Қубла кореялы жас Кю Хуаға, (ерли-зайыплы жаслар еди),  Уллыбританиялы Маргарет Салмонд деген бираз жасқа барған егеде шотландкаға Тамара қарақалпақ тилин үйретти. Негизинде, дәслеп басқа муғаллимлер шуғылланып, оқыта алмай бул ўазыйпа оған шөккен еди. Қызығы, ол шет еллилер доллар өткизген, ал, оқытыўшы Тамараныки қалыс хызмет. Әсиресе, аяғына үлкен қонышы бийик «пәтиңке» кийип, узын бойы ийилип,  еңкейип жуўырып, оның изинен қалмайтуғын шотландка қызық еди. Жүдә егеде инсанның дүньяның басқа түпкиринен келип жат еллерде, суўықта, жаўын-шашынларда қыйланып жүрип, билимге талпынғанына тәсийин қалмай болмас!.. . Ал ҳәр бир қубылыстың қәдир-қымбатын терең аңлайтуғын Тамара жанын жаббарға берип оқытып жүрди.

Анаў-мынаў «баса-бас»ты көрдим-билдим, демейтуғын ол, бир күни кафедра баслығына, яғный маған «жарылды»:

-Маргарет апам шаршатып жиберди,-деди. –  Жумыстан үйге «биреў урып таслағандай зорға жетемен. Үйге келиўден және тыным жоқ. Ҳәзир үйде енем болған соң оның кеўлин табыў жуўапкершилиги де бар. Үйде бир кемпир, дүзде бир кемпир, өлетуғын болдым, Малика апа, -деди.

Мен кеўлин бағып, аянышлы қараўдың орнына, бул сөзлерге қатты күлдим. «Тоқта-тоқта, -дедим жерден жети қоян тапқандай қуўанып. Кешеги жазып атырған шотландка ҳаққындағы мақалаңа тап усы сөзлериңди қос, дедим. Шеберхан мен ойлағаннан да бетер орынлы кәмине келтирип, бул сөйлесиўди мақаласына ендирипти. Бул мақаланың және де тартымлылығына тәсир жасағанын көрип, қуўанып кеттим.

Ал, Тамара мениң гейпара шығармаларымның жүзеге келиўине де тәсир жасады.

Бир күни редакциясына келип, қайтасаң ба, десем, «Аманбай ағаның юбилейине қатнаспаймыз ба?» деди.

-Ҳаў, солай екен-аў. Аманбай Отаров мен ушын ҳүрметли адамлардың бири. Байрон әжағамның курсласы, ол математик, әжағам физик. Аманбай ағаны көргенде әжағамды көргендей боламан,-дедим.

– Усыларды айтып, шығып сөйлеңсе, Малика апа, -деди ол.

– Не сөйлеўди шатпақлап көрейик, деп оның компьютерине жақынластым. Сөйтип, сол жерде сөйлеў сөз емес, ойламаған жерде, қосық қатарлары дизилди. Қосық жазылғанша ўақыт та болып, Мәденият сарайында сөз алып, бул қосықты оқыдым. Аманбай аға қуўанып, рахмет айтып жүрди. Бул қосық физмат питкериўшилериниң топламына қосылды. Қуда қалесе, мениң топламыма да қосылады.

Айтажағым, дөретиўшилигимдеги ерискен табысларымда Тамара Машарипованың да көп үлеси бар.

Шоманай гөззалының және бир пәзыйлети, кишипейиллиги. Мүнәсибетте ҳасла менменлик жоқ, әпиўайы. Оның усы әпиўайылығы жәмийетлик мүнәсибетлерге де, дөретиўшилигине де енген. Ҳеш бир сөзи мәзи сөйлем емес, сол мәселедеги анық пикири. Мақалаларында да, телеинтервьюлеринде де өмирдеги Тамараның өзи сөйлейди.

Тамараға айтар сөзим көп екен, автомат түрде усы арнаў жазылды. Тамара екеўмизге де унайтуғын Л.Н.Тостойдың бир гәпи бар: «Не могу молчать!» – «Үндемей тура алмайман!» Ойламаған жерде, мен де үндемей тура алмай қалдым…

Малика Жумамуратова,

ҚМУдың журналистика кафедрасы доценти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги