Есимөзек каналында жумыс қызғын

226

Соңғы жыллары пүткил дүнья жүзинде душшы суў қорлары азайып, оның нәтийжесинде миллионлаған гектар егислик жерлер егисликтен шығып қалмақта. Сонлықтан бүгинги күни дүньяның көплеген еллеринде болғаны сыяқлы, бизиң мәмлекетимизде де душшы суў запасларынан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтатуғын болсақ, республикамыз аймағында канал ҳәм жапларды қазып реконструкциялаў, жағалаўларын бетонлаў, тамшылатыў, жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Қараөзек районындағы «Есимөзек» каналы 1947-жылы пайдаланыўға тапсырылған болып, оның улыўма узынлығы 89,0 километрди қурайды ҳәм  райондағы  «А.Досназаров», «С.Камалов», «Бердақ» , «Есимөзек» ҳәм «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы 19 мың гектардан аслам егислик жерлерди суўландырады.

-Каналда көп жыллардан бери реконструкция жумыслары жүргизилмеўи нәтийжесинде бүгинги күнге келип  1,5-2 метрге дейин көмилип, суў өткериў имканияты секундына 40 метр кубтен 25 метр кубқа шекем төменлеп кеткен. Сонлықтан каналдан суў алыўшы аймақларды вегетация дәўиринде суў менен тәмийинлеў мәселесинде айырым машқалалар жүз берип киятырған еди.

Ҳәзирги ўақытта республика ҳүкиметиниң арнаўлы қарары ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында Есимөзек каналының (ПК0+00 дан ПК167+00 ге шекемги) аралығында реконструкция ислери әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған реже тийкарында усы каналды реконструкциялаў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысын үйрениў ушын тараўға тийисли шөлкемниң жуўапкер хызметкерлери Қараөзек районында болып, жумыслардың барысы менен танысты.

Илаж даўамында «Қорақалпоғистонсувқурилишинвест» мәмлекетлик кәрханасы жуўапкерлери тәрепинен жумысты бөлип алып ислеўши “Ворис Чина” МЧЖ қоспа кәрханасы басшыларына тийисли көрсетпелер берилди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, өткен жылы «Есимөзек» каналының 5,8 км аралығында реконструкция жумыслары алып барылған болса, быйылғы жылы каналдың 10,9 километр аралығына реконструкциялаў жумыслары жүргизиледи.


Ҳәзирги ўақытта бул объектте жәми 19 арнаўлы техникалар ҳәм 15  тен аслам тараў қәнигелери жумыс алып бармақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги