Излеўдеги Wolkswagen Caddy табылды

278

Мǝжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы ҳәм Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери тәрепинен излеўдеги автотранспорт қуралларын излеп табыў жумыслары алып барылмақта.

Усы жылдың 9-март күни Беруний районында алып барылған оператив-излеў жумыслары даўамында жол ҳәрекети қағыйдасын 28 мәрте бузған қағыйбузардың Wolkswagen Caddy маркалы автомашинасы усланды. Атап айтқанда, Мǝжбүрий орынлаў бюросы Беруний районы ис жүргизиўинде болған Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармаларының қарарлары тийкарында  қарыздар Р.Э.дан 11 миллион сумга шамалас 28  жәрийманы өндириў белгиленген.

Алып барылған орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздардың атында Wolkswagen Caddy маркалы автотранспорт қуралы болса да, усы  автотранспорт қуралының қарыздардың жасаў мәнзилинде жоқ екенлиги анықланып, оған бюроның Беруний районы бөлиминиң баслығы тәрепинен излеў жәрияланған.

Биргеликтеги оператив-излеў илажларының биринде  қарыздарға тийисли автомашина табылып, Р.Э тәрепинен мәмлекет пайдасына жәрийма толық төленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги