Валюта алмастырыў менен шуғылланып келген пуқара усланды

376

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими менен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикамы бойынша басқармасы тәрепинен оператив илаж өткерилди.

Илаж даўамында валюта алмастырыў менен шуғылланып келген пуқара А.А. пуқара Ҳ.И.дан 3 мың 200 АҚШ долларын 39,8 миллион сумға сатып алған ўақытта усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги