«Көкши қала»дағы қара үй устаханасы

Шымбай районы қарақалпақ халқының бай мәдений мийраслары, үрп- әдет дәстүрлери, миллий өнерментшилик ҳәм усташылық өнерлерин көпшиликке танытып киятырған тарийхый қалалардан бири ретинде тилге алынады.
Қара үй қарақалпақлардың бирден- бир зәрүр мүлки болғанлықтан, оған қарыйдарлар көп болған. Сонлықтан үйшилер бул кәсипти атадан балаға мийрас етип, гейде төрт-бес үй, гейде бир аўыл тегис сол кәсип пенен шуғылланған.
Үйшилер жәнәўиттен (тоғай тал) уўыққа, керегеге қолайлы ағашларды кесип алып, оларды қыршып кептирип, соң суўға салып жибитип кейин тезге салып ийип, кереге соққан. Шаңарақты ақ талдан, ергенекти, босағаны, маңлайшаны еменнен, егер емен табылмаса ериктен соққан. Үйшилердиң өз кәсибине сай әсбап-үскенелери болған.
Шымбай районы «Көкши қала» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан ески өнерментлер орайы бар. «Көкши» термининиң келип шығыў тарийхына тоқталатуғын болсақ, бул ерте бәҳәрде жер бетине көк шөплердиң көгерип шығыўы жердиң көк липасқа бөлениўи деген мәнисти аңлатса екиншиден, қара үйдиң керегесин бир-бирине түйе ямаса малдың териси жәрдеминде бириктириў, дизиў деген мәнилерди билдиреди.
ХIХ әсирдиң басларында қарақалпақлар арасынан жетилисип шыққан усталар бир жерге жәмленип, үйшилер орайы шөлкемлестирилип, бул жерге «Көкши қала» деген ат берилген. Дерлик 100 жылдан аслам ўақыт өткенлигине қарамастан бул жерде қара үй усталары өзиниң жумысларын даўам еттирип келмекте. Сол ўақытларда өнерментшилик орайында 100-150 ден аслам уста өнерментлер өз жумысларын алып барған. Өз дәўиринде белгили усталар Нурымбет, Жаӊабай, Зайытбай, Төребай, Балтабай, Өтебай, Сақыйбай, Жақсылық ҳәм басқа да шебер усталардың барлығы усы жерде қара үй соғыў сырларын үйренип шыққан ҳәм келеси әўладқа жеткерип келген. Бүгинги күнде бул жерде жумыс ислеп атырған өнерментлер үшинши әўлад болса, айырымлары төртинши әўлад есапланады. Олардан Юсупбай Досжанов, Әсенбай Айтжанов, Нурлан Санкибаев ҳәм тағы бир қатар белгили усталар сол устаханада өнерментшилик сырларын үйренип, шәкиртлер таярлап келмекте.

Олар қарақалпақ халқының бай мәдений мийрасларын, үрп-әдетлерин, миллий өнерментшилигимизди дүньяға танытыўда өзлериниң мүнәсип үлесин қосып келмекте.

Бүгинги күнде ески өнерментлер орайында 10 нан аслам өнерментлер өз жумысларын даўам еттирип, шәкиртлер тәрбиялап атыр. Келешекте олар да узтазларынан үйренген өнерди даўам еттиреди, деген үмиттемиз.
Ҳүрмет Жалимбетов, Қарақалпақстан Республикасы туризм басқармасының сектор баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги