Баслы мақсет – халыққа сапалы хызмет

Соңғы жыллары елимизде халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди әпиўайыластырыў, бюрократиялық тосықларды қысқартыў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасын раўажландырыў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын мәмлекетлик хызметти көрсетиўдиң көлемин арттырыў, халықты аралықтан турып электрон мәмлекетлик хызметлерден бийғәрез пайдаланыўы ушын имканиятларды кеңейтиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды.
Бул бағдарда әмелге асырылған реформалар барлық аймақларда теңдей дәрежеде, алыс аўыллардағы пуқаралар ушын да хызметтиң бул түринен пайдаланыў мүмкиншиликлерин жаратты.
Мойнак районы Адиллик болими Мамлекетлик хызметлер орайы директоры Айбек Есбергенов усы бағдарда исленип атырған жумыслар туўралы бизге төмендегише мағлыўматлар берди.
– Мойнак районы Адиллик болими Мамлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 2023-жыл даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жәми 14 мың 770 мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, соннан, онлайн тәризинде пайдаланылған хызметлер саны 3314 ти курайды. Бул халық санының 44 процентине хызмет көрсетилгенин көрсетеди.
Районымызда алыс аўыллардағы пуқараларға қолайлылық жаратыў мақсетинде көшпели түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылды.
Онда, район орайынан алыс аймақларға шығыў арқалы пуқаралардың ўақытларын үнемлеў ҳәм олардың узағын жақын етиў, соның менен бирге, имканияты шекленген пуқараларға қолайлықлар жаратыў баслы мақсет болып, орай хызметкерлери тәрепинен орынларға барған ҳалда көшпели хызметлер де әмелге асырылмақта. Нәтийжеде, 2023-жыл даўамында 1811 көшпели мәмлекетлик хызмет көрсетилди. Көшпели мәмлекетлик хызмет көрсетиў даўамында 75 исбилерменлик субъекти мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Өткен жыл даўамында 318 исбилерменлик субъекти жаңадан мәмлекетлик дизимнен өткерилген болып, соннан 169 ы юридикалық, 149 ы физикалық тәреплерди қурайды. 212 исбилерменлик субъекти қайта мәмлекетлик дизимнен өткерилип, оның 164 ин юридикалық, 46 сын физикалық тәреплер қурайды.
Өткен жыл даўамында районымызда жәми 90 исбилерменлик субъекти сапластырылып, мәмлекетлик дизимнен шығарылды. Олардың 54 и юридикалық (13 и банкротлық тийкарында), 36 сы физикалық тәреплерге тийисли кәрханалар болып есапланады.
Турақлы түрде халыққа мәлекетлик хызметлердиң түрлери, абзаллықлары ҳәм мүмкиншиликлерин түсиндириў мақсетинде орынларда ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилип, ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Орай хызметкерлери тәрепинен 2023-жыл даўамында ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы 38 мәрте шығыўлар әмелге асырылып, мақалалар жәрияланды. Атап айтқанда, телевидениеде 4, радиода 17, газета ҳәм журналларда 6, веб-сайтларда 11 мәрте шығыўлар әмелге асырылған.
Мақсетимиз – пуқаралардың мүрәжатларын өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў болып есапланады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги