“Сүўретлеў айнасы”: жыл жуўмағы ҳәм ўазыйпалар додаланды (+видео)

233

Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамыныӊ “2023 Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”нда әмелге асырған жумыслары ҳәм “Өзбекстан – 2030” Стратегиясы, быйылғы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларға бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамы Кеӊесиниӊ ағзалары, аўқамныӊ Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлық бөлимлериниӊ басшылары, министрликлер, жәмийетлик шөлкемлердиӊ ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп районда әмелге асырылған қурылыс, абаданластырыў ҳәм сыртқы үгит-нәсият қураллары арқалы безеў жумыслары менен танысты. “Ҳәким ата” комплексин, Әжинияз Қосыбай улы мақбарасын зыяратлап, “Кемелер қойымшылығы”  монументи ҳәм Арал теӊизиниӊ тарийхы музейинде болды.

Районныӊ мәденият сарайында болып өткен семинарда Республикалық “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамыныӊ баслығы И.Латипов , “Халқ сўзи” ҳәм “Народное слово” газеталарыныӊ бас редакторы  Ў.Раҳматов, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниӊ бас директоры  А.Кўчимов, Мойнақ районыныӊ ҳәкими Б.Менглибеков, Өзбекстан Көркем өнер академиясыныныӊ баслығы А.Нуриддинов, Өзбекстан Журналистлер аўқамыныӊ баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Х.Салимов  шығып сөйлеп, “Өзбекстан – 2030” Стратегиясыныӊ мазмун-мәниси, быйылғы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамы ҳәм оныӊ бөлимлери тәрепинен жергиликли ҳәкимликлердиӊ буйыртпасы тийкарында қала ҳәм районлардыӊ орайлары, халықтыӊ жасаў мәнззиллеринде ана Ўатанға мухаббат ҳәм руўхый қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўшы шақырықлар ҳәм текстлерден пайдаланып, орайлық көшелер, дийқан базарлары, қыябанлар, бәндиргилер, автотранспорт қураллары, темир жол ҳәм метро вагонлары, адамлар көп жыйналатуғын, ғалабалық илажлар өткерилетуғын орынларға баннерлер, плакат ҳәм басқа да сүўретлеў-үгит-нәсият қураллары жайластырылды. Сондай-ақ, мәмлекетимизде тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлер аралық татыўлық, диний кеӊпейиллик жолында алып барылып атырған жумысларды, “Өзбекстан – 2030” Стратегиясына байланыслы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында жаӊаланыў ҳәм реформалар процесслерин көрсетиўши унамлы өзгерислердиӊ тийкарғы дөретиўшилери – заманлас пидайы жаслар, қаҳарман жерлеслеримиз екенлигин сәўлелендириўши көшпели фотокөргизбелер шөлкемлестирилип келинбекте.

Семинарда дөретиўшилик аўқам тәрепинен  “2024 –Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”на бағышланып таярланған “Жаслар– Жаӊа Өзбекстанныӊ ҳәм Үшинши Ренессанстыӊ қурыўшылары” атамасындағы усыныслар қолланбасыныӊ презентациясы болып өтти. Онда Президентимиздиӊ “Жаӊа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық”, “Жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясы тийкарында демократиялық реформалар жолын қатаӊ даўам еттиремиз”, “Халықшыл реформалар халқымыздыӊ мәплерине хызмет етеди” ҳәм басқа да шығармалары, салтанатлы мәресимлердеги шығып сөйлеген сөзлери, пәрман ҳәм қарарлары, байрам қутлықлаўларынан алынған  илим-мәрипат тараўындағы ҳәм “Өзбекстан – 2030” Стратегиясыныӊ “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырылыўына байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ўазыйпаларынан алынған силтемелер берилген. Сондай-ақ, данышпанлардыӊ ҳикметлери, ҳәдислер, халық нақыл-мақаллары, қосық қатарлары, ана Ўатанды қорғаў, ғәрезсизлигимизди беккемлеў, ҳаял-қызларды улығлаў, Наўрыз, уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығы, қарақалпақ халқыныӊ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллығы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, мәмлекетлик тил, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеӊпейиллик, миллий қәдириятларымызды ҳүрметлеўге шақырыўшы сүренлер, мәмлекетимиздиӊ социаллық-экономикалық раўажланыўы менен байланыслы әҳмийетли темалардағы қосық қатарлары менен текстлер жәмленген.

Илажда “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамыныӊ “2023 – Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”нда әмелге асырылған жумыслары ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпалары додаланды. Соныӊ ишинде, “Өзбекстан – 2030” Стратегиясына муўапық быйылғы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген илажларды, мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар, заманлас қаҳарманларымыздыӊ  келбети, қолға киргизилген табысларды кеӊнен үгит-нәсиятлаў ўазыйпалары белгиленди.


















Бул илаждыӊ Мойнақ районыда өткерилгени тосыннан емес. Соӊғы жыллары республикамызда, соныӊ ишинде, районда кеӊ көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Президентимиздиӊ атап өткениндей, биз ушын “Қарақалпақстанныӊ жеӊиси – пүткил Өзбекстанныӊ жеӊиси, Қарақалпақстанныӊ тәшўиши – пүткил Өзбекстанныӊ тәшўиши” деген идея ҳәмийше ҳәрекет бағдарламасы болып келген ҳәм буннан кейин де усындай болып қалады. Бизиӊ ийгиликли мақсетимиз – биргеликтеги мийнетимиз бенен жаӊа Өзбекстанда ҳәр тәреплеме раўажланған абат ҳәм абадан жаӊа Қарақалпақстанды қурыў болып табылады.

–Өткен жылдыӊ жуўмағы ҳәм быйылғы жылға белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған дәстүрий көргизбели семинардыӊ Мойнақ районында өткерилиўи бизде айрықша тәсир қалдырмақта,–дейди “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамы Жиззақ ўәлаяты бөлиминиӊ баслығы Айбек Бегимқулов.–Президентимиздиң басшылығында районда алып барылған жумыслар менен таныстық. Сондай-ақ, быйылғы жылға белгиленген ўазыйпалар бойынша кеӊ түрде тәжирийбе алмастық.

Илаж соӊында “2023 – Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”нда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсеткен бир топар хызметкерлерге “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамыныӊ Ҳүрмет жарлығы менен естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги