Қарақалпақстан Республикасында қурылыс тараўы жедел раўажланып атырған экономикамыздың әҳмийетли бир бөлеги есапланады.
Республикамызда өткен жылдың январь-декабрь айлары даўамында жәми 5976,0 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылып, өсим пәти алдынғы жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 106,5 процентти қураған.
– Қурылыс жумыслары көлеминде ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумыслары 594,8 млрд. сумды қурап, өсим пәти 90,0 процентке ерисилди ҳәм жәми қурылыс жумыслары көлеминдеги үлеси 10,0 процентти қурады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлими баслығының орынбасары Дилафруз Абдуллаева.
Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының үлеси 69,4 процентти қурап, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 4150,2 млрд. сум муғдарында болды. Өсим пәти 90,4 процентке ерисилди.
Сондай-ақ, рәсмий болмаған секторлардың есабына туўра келген қурылыс жумыслары жәми қурылыс жумысларының 20,6 процентин қурап, 1231,0 млрд. сум муғдарында есапланды. Өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсим пәти 105,9 процентти қурады.
Қурылыс жумысларының ең жоқары көлем көрсеткиши Нөкис қаласы (31,7%), Төрткул (10,3%), Беруний (5,6%) районларына туўра келди.
Ал, 2024-жылдың январь айы даўамында, жәми 254,0 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылып, өсим пәти өткен жылдын сәйкес дәўирине салыстырғанда 115,7 процентти қурады. Онда ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумыслары 25,0 млрд. сумды қурап, өсим пәти 123,4 процентке ерисилди. Оның жәми қурылыс жумыслары көлеминдеги үлеси 9,8 процентти қурады.
Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының үлеси 59,1 процентти қурап, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 150,1 млрд. сум муғдарында болып, өсим пәти 120,0 процентке ерисилди.
Рәсмий болмаған сектор есабына туўра келген қурылыс жумыслары жәми қурылыс жумысларының 31,1 процентин қурап, 78,9 млрд. сум муғдарында есапланды. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсим пәти 106,2 процентти қурады. Бул қурылыс жумысларының ең жоқары көлем көрсеткиши Нөкис қаласы (24,2%), Төрткул (13,4%), Беруний (9,3%) районларына туўра келди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги