2024-жылғы мағлыўматларға бола, Аўғанстан халқының саны 34,9 млн адамды қурамақта, соннан 51 проценти — ер адамлар, 49 проценти — ҳаял-қызлар. Бул ҳаққында 12-март күни Аўғанстан статистика ҳәм мәлимлеме миллий басқармасы (NSIA) ўәкили Муҳаммад Ҳалим Рофий мәлим етти.
NSIA мәмлекет ҳүкиметине 2025-жылы халықты илимий ҳәм комплексли дизимге алыў режесин усынды. Буның ушын бизге халықаралық шөлкемлердиң тиккелей ҳәм қаржылай жәрдеми керек, деди Рофий.
2021-жылы Аўғанстан халқының саны 39,8 миллионды қураған, делинеди БМШ халықтаныўшылық қоры мағлыўматларында. Демек, үш жыл ишинде мәмлекет дерлик 5 миллион халқын жоғалтқан.
NSIA, сондай-ақ, сыртқы саўда жағдайы бойынша да мағлыўмат берди. Оған бола, Аўғанстан февраль айында 134 млн доллардан аслам баҳаға ийе өнимлерди экспорт еткен, олардың көпшилик бөлеги Пакистан, Ҳиндстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлерине жиберилген. Экспорт көлеми өткен айға салыстырғанда $42,6 миллион долларға көбейген. Февральда импорт көлеми 793,5 миллион долларды қурап, өнимлер тийкарынан Иран, Қытай ҳәм Пакистаннан алып келинген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги