13-март күнине өтер ақшамда Европаның еки қаласында УЕФА чемпионлар лигасының 1/8 финал ойынлары шеңберинде еки ойын болып өтти.
Олардың биринде Хави басқарыўындағы «Барселона» соңғы ойынларды әжайып тәризде өткерип атырған Италияның «Наполи» клубы менен ушырасты.
Қызықлы өткен ойынның 15-17-минутларында Каталония клубы ағзалары Лопес ҳәм Жоау Канселулар қарсылас команда дәрўазасына гол урыўға еристи.
Буннан соң италиялы футболшылар да қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин 30-минутта Ррахмани нәтийжели жуўмақлады.
Екинши таймда «Наполи» ойын пәтин түсирип жиберди ҳәм буннан пайдаланған «Барселона» ҳүжимшиси Роберт Левандовски өз командасының үшинши голын урыўға миясар болды. Солай етип бул командалар арасында өткерилген еки ойын жуўмағына бола, «Барселона» 4:1 есабында жеңиске ерисип турнирдиң шерек финалына жолламаны қолға киргизди.
Ал, Англия пайтахты Лондонда өткерилген «Арсенал» ҳәм «Порту» ушырасыўында майдан ийелериниң футболшысы Троссард 41-минутта қарсылас команда дәрўазасына гол урып есапты ашты. Бирақ, ойынның екинши таймында, буннан соң ушырасыўға қосып берилген таймларда да есап өзгерместен қалды.
Сонлықтан бул ойын жеңимпазы бас төреши тәрепинен белгиленген пенальтилер сериясы жуўмағында анықланды ҳәм онда әўмет Мигел Артета шәкиртлерине күлип бақты. Есап 4:2 «Арсенал» пайдасына шешилди.
Лондон клубының бул жеңиси клубты соңғы 14 жыл ишинде УЕФА чемпионлар лигасының шерек финалына биринши мәрте алып шықты.
Бүгин Чемпионлар лигасында «Интер Милан» ҳәм «Атлетико Мадрид», «ПСВ Эйндховен» ҳәм «Боруссия Дортмунд» клублары арасында 1/8 финалдың жуўап ушырасыўлары болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги