22-24 – март күнлери Грузияның Тбилиси қаласында  дзюдо бойынша гезектеги «Үлкен Дубылға» турнири болып өтеди. Онда дүнья жүзиниң ҳәзирги ўақытқа шекем 75 мәмлекетинен 427  спортшы қатнасыў ушын дизимнен өткен.

Усы мәмлекетлер қатарында Өзбекстан сайланды командасынан да ерлер ҳәм ҳаял-қыз палўанлар 7 салмақ категориясы бойынша беллесиўлерге кириседи.

Соның ишинде ерлер сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы еки палўан, атап айтқанда 81 кг салмақта Шарофиддин Болтабоев ҳәм -100 кг салмақта Ерназар Сәрсенбаевлар турнир жеңимпазлығы ушын гүрес алып барады.

Ҳәзирги ўақытлары палўанларымыз сайланды команда ағзалары менен бул абырайлы жарысқа қызғын таярлықлар алып бармақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги