Душанбе қаласында 12-март күни Өзбекстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.

Еки мәмлекет Бас министрлериниң басшылығында өткен мәжилисте Президентлер – Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмонның биргеликтеги ҳәрекетлери менен стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларымыз дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында жедел раўажланып атырғаны, олар тәрепинен көп тәреплеме қатнасықларды және де раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилгени атап өтилди.

Кейинги жылларда өз-ара товар алмасыў артып бармақта. Өткен жылы оның көлеми 757 миллион долларға жетти. Келешекте өз-ара саўданы 1 миллиард долларға жеткериў ушын биргеликте барлық илажларды көриў керек екени, оған санаат кооперациясы, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт-логистика тараўында бир қатар биргеликтеги жойбарларды избе-из әмелге асырыў арқалы ерисиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәжилисте Өзбекстан – Тәжикстан халықаралық шегара саўда зонасын жаратыў жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў, аўыл хожалығы өнимлерин үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў ушын шегара аймақларында көтере тарқатыў орайларын жаратыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, агросанаат, тоқымашылық, фармацевтика, химия, металлургия, электротехника, машина қурылысы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўларда санаат кооперациясын тереңлестириў бойынша имканиятларды иске қосыў керек екени белгиленди.

Мәжилисте аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз нәтийжесин берип атырғаны, ҳәзирги ўақытта Жоқары дәрежедеги ушырасыў алдынан Өзбекстан – Тәжикстан екинши аймақлараралық форумды өткериўге таярлық көрилип атырғаны мәлим етилди.

Тәреплер аўыл хожалығы тараўында да бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, еки мәмлекеттиң шегаралас аймақларында биргеликте аўыл хожалығы кластерлерин шөлкемлестириў ҳәм изертлеўлер өткериўден мәпдар екенин билдирди.

Транспорт-коммуникация тараўында биргеликтеги саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда, дос халықларымыз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўде мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.

Илаж соңыңда Өзбекстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның 11-мәжилисиниң протоколына қол қойылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги