Алдын хабар бергенимиздей, Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваның басшылығындағы Өзбекстан делегациясы БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясының 68-сессиясында қатнасыў ушын Нью-Йорк қаласында болып тур.

Сапар шеңберинде Т.Норбоева Швецария Конфедерациясы Президенти Виола Амерд пенен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан ҳәм Швейцария бирге ислесиўин избе-из кеңейтиў, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм технологиялық тараўларда биргеликте жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Ҳәзирги ўақытта Швейцария менен автомобиль қурылысы, тоқымашылық, фармацевтика, азық-аўқат санааты, шарўашылық, инфраструктура тараўларында 19 биргеликтеги жойбар әмелге асырылмақта. Ушырасыў даўамында бул көрсеткишти бир неше есеге арттырыў ушын еки мәмлекетте де үлкен потенциал ҳәм кең имканиятлар бар екени атап өтилди.

Өз-ара қатнасықларда парламентлераралық байланыслардың әҳмийетлилигинен келип шығып, усы бағдардағы бирге ислесиў перспективалары да көрип шығылды. Атап айтқанда, қәнигелестирилген комитетлер дәрежесинде байланысларды жеделлестириў, еки мәмлекет парламентлеринде дослық топарларын шөлкемлестириў бойынша пикир алысты.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында бир қатар тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелий усыныслар да алға қойылды. Атап айтқанда, гендер теңлик тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў, бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Арал теңизи регионындағы жағдайды жақсылаў бойынша социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды әмелге асырыўда финанслық ҳәм техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де тәреплердиң дыққат орайында болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги