Мǝжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳǝм оның аймақлық бɵлимлери тǝрепинен суд қарары тийкарында қарыздар деп табылған шахсларға тийисли мүлклерди электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыў ислери жеделлестирилмекте.

Ѳзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдағы “Суд ҳүжжетлери ҳǝм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мүлкти реализациялаў тǝртибин түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның аймақлық бɵлимлериниң мǝмлекетлик орынлаўшылары тǝрепинен орынлаў ҳүжжетлери бойынша хатланған мүлклерди электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы реализациялаў ушын электрон буйыртпаларды бериў ислери турақлы түрде ǝмелге асырылып атыр.

Атап айтқанда, қарар қабыл етилген күннен усы жылдың 1-мартына шекем электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы жǝми 1 триллион сумлық 2 мың 762 дана мүлк бойынша буйыртпалар берилген болып, соннан 133,8 миллиард сумлық 891 дана мүлк аукцион саўдаларында сатылған.

Усы жылдың еки айы даўамында болса Бюроның Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық бɵлимлери тǝрепинен ҳүжжетлердиң орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде 46 миллиард 612 миллион сумлық 103 дана кɵшпес мүлк, арнаўлы техника ҳǝм автотранспорт қуралы электрон онлайн-аукцион саўдаларына шығарылған.

Мǝселен, Мǝжбүрий орынлаў бюросы Нɵкис қалалық бɵлими ис жүргизиўиндеги Нɵкис районлараралық экономикалық судының 22.06.2022-жыл 22-июньдағы қарарына тийкарланып қарыздар “Tранс континентал машинери” ҳǝм “Альфа Транс Нɵкис” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринен “Туран банк” Аакционерлик жәмийетиниң пайдасына 2 миллиард 355 миллион сум ɵндириў белгиленген.

Орынлаў ҳǝрекетлери даўамында, қарыздарға орынлаў ҳүжжети талабын орынлаў ушын 15 күнлик ықтыярый мүддет берилген, сондай-ақ, қарыздарға тийисли болған жǝми муғдары 3 миллиард 964 миллион сумлық
8 дана автотранспорт қуралы бɵлимниң мǝмлекетлик орынлаўшысы тǝрепинен тийисли тǝртипте хатлаўға алынған.

Соған қарамастан қарыздар тǝрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талабы ықтыярлы тәризде орынланбағанлығы себепли, хатланған автотранспорт қураллары электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарылған болып, сатыўдан түскен пуллар банк пайдасына ɵткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги