Исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде районда халыққа хызмет көрсетиў орайларыныӊ саны жылдан-жылға артып бармақта.

Әмир Темур мәкан пуқаралар жыйыны аймағында “Якка сарай” салтанатлар үйиниӊ пайдаланыўға тапсырылыўы буныӊ айқын мысалы болып табылады. Исбилермен Немат Машарипов тәрепинен қурып питкерилген бул жерде түрли кешелер, халықтыӊ қуўанышлы күнлерин өткериў ушын барлық шараят жаратылған. Еӊ баслығы, усы аймақта жасаўшы 15 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленди.

Жаӊа салтанатлар үйиниӊ ашылыўында шығып сөйлегенлер, мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халыққа сапалы хызмет көрсетиўге қаратылып атырған итибарға тоқтап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги