Зыярат орынлары абаданластырылмақта
310

Президентимиздиӊ усы жыл 7–марттағы “Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў бағдарында Елликқала районында да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Рамазан айында халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде район аймағындағы зыярат орынлары менен қойымшылықлар абаданластырылмақта.
Атап айтқанда, районлық жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен “Нарынжан баба зыяратханасы” ҳәм “Кеширмес баба зыяратханасы”на алып барыўшы жергиликли әҳмийеттеги жолларда пиядалардыӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 4 километр узынлықтағы пиядалар жолын қурыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги