Көпшилик адамлар ораза айында надурыс  аўқатланыўы себепли денсаўлығына зыян жеткерип алады. Ораза тутыўшы адам қалай аўқатланыўы кереклиги ҳаққында пайтахтымыздағы 7-санлы шаңарақлық поликлиниканың шыпакери З.Әметова төмендегилерди айтып берди.

– Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң анықлаўынша, ораза тутыўшы адам дурыс аўқатланыў қағыйдаларына  әмел етип, артықша салмақтан қутылып, қан басымы ҳәм организмдеги холестерин муғдарын пәсейтиўге ерисиўи мүмкин.

Аўыз ашыў ҳәм аўыз жабыў аралығында көп суў ишиў усыныс етиледи. Күндиз ҳаўа температурасы жоқары болғанда көп терлеўди келтирип шығарыўы  мүмкин. Сол себепли, организмде жоғалтылған суйықлық орнын толтырыў зәрүрлиги жүзеге келеди. Буның ушын көп суў ишиў мақсетке муўапық.

Суўлы өнимлерди қабыллаў арқалы да бул муғдарды қаплаў мүмкин. Мәселен, аўыз жабыў ҳәм аўыз ашыўдан кейин дессерт орнына суўлы мийўелерди қабыллаў мақсетке муўапық болады. Сондай-ақ, помидор ҳәм қыяр да суўлы палыз егини есапланады.

Палыз өнимлеринен исленген салатлар ҳәм  сорпалы тағамларды пайдаланыў мүмкин.

Қурамында кофеин болған өнимлер-кофе, кола сыяқлы ишимликлерди қабыллаў усыныс етилмейди. Себеби, бундай ишимликлер инсан организминде суў муғдарын азайтыўға алып келеди.

Сондай­­-ақ, күн даўамында бәрқулла ҳәрекетте болыў да организмниң көп муғдарда суў жоғалтыўына алып келиўи мүмкин. Қысқа мүддетли сейилге шығыў яки жеңил шынығыўлар ислеў адамды белгили бир муғдарда услап турыўы мүмкин. Лекин, күн бойы ҳәрекетсиз отырыў да усыныс етилмейди.

«Аўыз жабыў»дан алдын аўқат жеў лазым. Сәҳәрлик пайытында жеңил аўқатланыў, әсиресе, ораза тутыўды нийет еткен үлкен жастағы инсанлар, өспиримлер ушын жүдә орынлы.

Жеңил азанғы аўқатланыў сыпатында мийўелер, қурамында углевод болған дәнли нанлар яки булочкалар, сүт өнимлери (дузсыз сыр, сүзбе, сүт) яки мәйек сыяқлы белокқа бай өнимлерди жеў организм ушын жүдә пайдалы.

Лекин,  денсаўлығында машқаласы бар наўқасларға ораза тутыў саламатлығы ушын қәўипли болыўы мүмкин. Хирургиялық операция өткериўди  талап  етиўши ҳәм  операция етилген наўқаслардың ораза тутыўы  мақсетке муўапық емес. Буннан тысқары, турақлы дәри ишиўи керек болатуғын жүрек-қан тамыр, бүйрек ҳәм баўыр аўырыўларының аўыр көринислери ҳәм  қантлы диабетте усы әмелди орынлаў усыныс етилмейди. Қалаберсе, аўырыў менен өтетуғын ҳәм дәрилерди турақлы қабыллаў талап ететуғын, тийкарынан, туберкулёз ҳәм онкологиялық кеселликлердиң айырым түрлеринде де ораза тутыў мүмкин емес.  Олар ораза тутыў нийетинде болса, дәслеп шыпакер менен мәсләҳәтлесиўи лазым.

Қарақалпақстан хабар агентлиги