Қарар ҳәм оның орынланыўы

Орынларда ҳәким жәрдемшилери тәрепинен өзлерине бекитилген аймақларда исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленип, мәселелердиң унамлы шешилиўи нәтийжесинде мәҳәллелерде жаңадан исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилип, бул нәрсе халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Мойнақ районы Жайҳун мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Мийирман Алламбергенов өз жумысын 2023-жылдың апрель айынан баслаған болса да, өзине бекитилген аймақта кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында айтарлықтай жумысларды әмелге асырмақта.

Атап айтқанда, өткен жыл даўамында турақлы, мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумыслар ҳәм мәўсимлик жумысларда жәми 158 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленген. Олар тийкарынан райондағы өндирислик тараў есапланған «Арал артемия санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине мәўсимлик жумысларға жайластырылған. Сондай-ақ, социаллық дәптерлердеги 30 дан аслам пуқара бийпул кәсип-өнерге оқытылған.

– Жумыссыз, турақлы дәраматқа ийе болмаған шаңарақлар ямаса исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлейтуғын пуқараларға өзин-өзи бәнт етиўи ушын «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында 1,7 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, 70 тен аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленди,-дейди  Мийирман Алламбергенов. – Сондай-ақ, «Ҳаял-қызлар дәптери»ндеги 8 пуқараға өзин-өзи бәнт етип исбилерменлик жумысларын жолға қойыўы ушын субсидия тийкарында тигиў машиналары ҳәм оверлок сыяқлы зәрүр әсбап-үскенелер алып берилди.



Мәҳәллемиз тийкарынан хызмет көрсетиў тараўына қәнигелескен болып, пуқараларға жүк тасыў хызметин жолға қойыўы ушын жеңиллетилген кредит тийкарында үш дөңгелекли жүк моторольлери алып берилмекте. Усылайынша халықтың бәнтлиги тәмийинленип, моторольлери менен олар өзлериниң тийкарғы қуралы сыпатында мәўсимлик жумысларда, яғный «Арал артемия санаат» ЖШЖ да артемия цисталарын жыйнаў, «Мойнақ ЛДСП»ға қамыс өнимлерин жеткерип бериў, сондай-ақ, сексеўил, қарабарақ туқымларын жыйнаў жумысларына қатнаспақта.




Мәҳәллемизде жасаўшы Г.Көмекбаеваға «АгроБанк»тиң аймақлық филиалы тәрепинен жеңиллетилген кредит ажыратылып, оған усы кредит тийкарында тигиў машиналары, оверлок ҳәм басқа да керекли әсбап-үскенелер алып берилди.

Ҳәзирги ўақытта «MILLIYRAM STILE» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, 3 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, үлгили исбилермен, мәҳәллемиз турғыны Оралхан Туримова тигиўшилик пенен шуғылланып қоймастан, жумысларын кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде «АгроБанк»тиң аймақлық филиалынан 24,5 миллион сумлық жеңиллетилген кредит алып, кондитер өнимлерин ислеп шығарыў, нан ҳәм нан өнимлерин таярлаў бойынша жумысларын жолға қойды. «Гүлбану тигиў цехы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, қосымша 2 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.


Сонын менен бирге, өз гезегинде компютер ойынларын шөлкемлестириў, мебель, балықтан ярым таяр өним ислеп шығарыў,  аяқ кийим усташылығы, жүк тасыў хызметлери, биогумус жетистириў, миллий нан таярлаў, үй мийманханаларын шөлкемлестириў, шлакаблок ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўларда пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленбекте.

Мәселен, мәҳәллемиз турғыны Шаметеев Алланазар аға субсидия тийкарында қурылған ыссыханадан мақсетли пайдаланып, үй шараятында қыяр, помидор, гешир сыяқлы егинлерди жетистирип дәрамат таппақта. Ол буннан тысқары, биогумус жетистириўди де жолға қойып дәраматын  арттырмақта. Сондай-ақ, Қ.Матмуратов, Р.Ерниязов, Қ.Ажимуратов  сыяқлы пуқараларымыз да субсидия есабынан ажыратылған теплицалардан үнемли пайдаланып қосымша дәрамат таппақта.

Бүгинги күнде аймағымызда исбилерменлик субъектлериниң саны 23 ден 48 ге көбейди. Райондағы «Жаслар санаат зонасы»нан «е-аукцион» арқалы узақ мүддетке иража тийкарында меншиклестириў шәрти менен 4 жасқа бос жер орынлары ажыратып берилди ҳәм ажыратылған жерлерден утымлы және мақсетли пайдаланыўы ушын автомобильлерге сервис хызметин көрсетиў, шлакаблок ислеп шығарыў жумысын жолға қойыўына жеңиллетилген кредит ажыратыў нәзерде тутылған болып, бул бағдарда 10 жастың бәнтлиги тәмийинленип, усы жылдың үшинши шерегине иске түсириў режелестирилмекте. Мәҳәллемизде бүгинги күнде жумыссызлар саны әдеўир азайды.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақатан хабар агентлиги