Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2023/24-оқыў жылы басынан Өзбекстанда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес улыўма билимлендириў шөлкемлери саны 293 ти қураған.

Бул көрсеткиш 2018-2019-оқыў жылының басына салыстырғанда 235 ге көбейген.

Жыллар кесиминде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес улыўма билимлендириў шөлкемлери саны:

— 2018-2019-оқыў жылы басына – 58

— 2019-2020-оқыў жылы басына – 91

— 2020-2021-оқыў жылы басына – 102

— 2021-2022-оқыў жылы басына – 135

— 2022-2023-оқыў жылы басына – 194

— 2023-2024-оқыў жылы басына – 293

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги