Айырым студент-оқыўшылар ушын төлем-контракт қәрежетлерин төлеў мүддети 10-апрельге шекем созылды.
Мәмлекетлик комиссияның тийисли баянаты менен 2023/2024-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў орынларының айырым студент-оқыўшыларына базалық/дифференциалластырылған төлем-контрактниң бир жыллық оқытыў баҳасынан кеминде 50 проценти муғдарындағы төлемлерди әмелге асырыў ҳәм студентлер қурамына қабыл етиўди рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети усы жылдың 10-апрелине шекем етип белгиленди.
Бул созыў төмендегилерге тийисли:
– жоқары оқыў орынларына төлем-контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген (ЖОО басшысының бийлиги тийкарында оқыўға қатнасыўға рухсат етилген, пәнлерди өзлестирген бирақ, шәртнама дүзип, төлемлерди белгиленген мүддетлерден кешигип әмелге асырған ҳәм бүгинги күнге шекем студентликке қабыл етиў бойынша буйрық рәсмийлестирилмеген) абитуриентлер;
– сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан оқыўын көширип атырған, көширип тиклеп атырған ҳәм қайта тиклеп атырған студентлер;
– профессионал оқыў орынлары (колледж, техникум)на төлем-контракт тийкарында оқыўшылыққа усыныс етилген абитуриентлер.
Әмелдеги тәртипке бола, екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлердиң контрактин төлеў мүддети ЖОО басшысы тәрепинен созылыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги