11-март күни Душанбе қаласында Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы ҳүкимет делегациясын қабыллады.

Тәжикстан басшысы Өзбекстан делегациясының Душанбеге сапары бирге ислесиў перспективаларын белгилеў көзқарасынан әҳмийетли екенин, сондай-ақ, кейинги жылларда еки мәмлекет арасындағы дослық байланыслар жедел раўажланып атырғанын атап өтти.

Бас министр, дәслеп, Президент Эмомали Раҳмонға Өзбекстан жетекшиси Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерип, еки мәмлекет басшылары арасындағы ашық ҳәм исенимли пикирлесиў мәмлекетлеримиз арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтти, делинеди хабарда.

Сондай-ақ, 2022-жыл июнь айында Өзбекстанда жоқары дәрежеде болып өткен ушырасыў шеңберинде тарийхый ҳүжжет – Мәңги дослық ҳәм аўқамласлықты беккемлеў ҳаққындағы декларация қабыл етилгени ҳәм басқа да әҳмийетли келисимлер еки дос халықларымыз мәплерине толық жуўап беретуғынын атап өтти.

Ушырасыўда саўда-экономикалық, инвестициялық, энергетика, транспорт-логистика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда жаңа жойбарларды избе-из әмелге асырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў зәрүр екенине айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги