Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-январьдағы ПП-14-санлы Пәрманына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи

296

Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 17-январьдағы «Суў бассейнлеринде руда емес материалларды қазып алыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманына Сырдәрья дәрьясы жағалаўларында экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 17-январьдағы «Суў бассейнлеринде руда емес материалларды қазып алыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи:

2024-жыл 1-майдан баслап Сырдәрья дәрьясы жағалаўларында руда емес материалларды қазып алыўға мүддетсиз мораторий енгизиледи, сондай-ақ, нызамсыз қазып алыў жумыслары нәтийжесинде тәбиятқа жеткерилген зыян ушын жуўапкершилик күшейтиледи;

Сырдәрья дәрьясының жуўылған жағалықларын беккемлеў, жағалық бойы регионындағы бузылған жерлердиң тәбийғый жағдайын қайта тиклеў ҳәм реабилитациялаў илажлары әмелге асырылады.

ӨзА