Ташкент қаласында спорттың қылышласыў түринен жаслар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Буннан алдынғы хабарларымызда сабля бағдары бойынша жекке беллесиўлерде ерлер ҳәм қызлар командасы ағзаларының барлығы да 1-2-3-орынларды ийелегени ҳаққындағы хабарды жәриялаған едик.

Кеше сабля бағдары бойынша командалық беллесиўлер өткерилди ҳәм ерлер командасы және бир мәрте алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, қызлар командасы болса, сыйлы үшинши орынды ийелеўге еристи.

Спортшыларымыздың бундай жоқары табысларды қолға киргизиўинде тренерлерден Дәўирбек Жийемуратов, Руслан Султанов, Сәрдар Назарымбетов ҳәм Эльвир Қутлымуратовлардың мийнетлери айрықша болды.

Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, қарақалпақстанлы қылышпаз қызлар усы жылдың апрель айында жаслар арасында өткерилетуғын жәҳән чемпионатына таярлық көриў ушын Россия пайтахты Москва қаласына жөнеп кетти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги