Италияның Бусто-Арсицио қаласында Париж-2024 Олимпиадасына жоллама бериўши лицензиялық турнир өз жуўмағына жетти. Қызғын өткен жарыс жуўмағында, Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасып, Олимпиаданың 5 жолламасын қолға киргизди.

Атап айтқанда, 63,5 кг салмақта Руслан Абдуллаев, 71 кг да Асадхуджа Муйдинхуджаев, 80 кг да Тўрабек Ҳабибуллаев, 92 кг да Лазизбек Мўллажонов ҳәм қызлар арасында 50 кг да Сабина Бобоқуловалар Париж-2024 Олимпидасы жолламасын жеңип алыўға еристи.

Сондай-ақ, бул жарыста қоңсылас Қазақстан Республикасы сайланды командасы ағзаларынан 51 кг да Сакен Бибосынов, 57 кг да Махмуд Сабырхан,  71 кг да Асланбек Шымбергенов, 80 кг да Нурбек Оралбай ҳәм 92 кг да Айбек Оралбайлар Олимпиада жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги