Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов 11-март күни Тәжикстан Республикасына келди, деп хабар берди шеригимиз «Ховар» агентлиги.

Душанбе халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзода ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Сапар даўамында Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Бас министр Абдулла Ариповты қабыллаўы күтилмекте.

Сондай-ақ, 12-март күни Душанбе қаласында Тәжикстан ҳәм Өзбекстан Бас министрлери Қоҳир Расулзода ҳәм Абдулла Арипов арасында ушырасыў болып өтиўи режелестирилген.

ӨзА