Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер турақлы ўәкилликли ўәкиллер кеңесиниң қарары менен Россияда болып өтетуғын Президентлик сайлаўда ҒМДА бақлаўшылар миссиясына Илҳом Неъматов басшылық ететуғын болды.

Россия Федерациясы Президенти сайлаўы 2024-жыл 15-17-март күнлери өткерилетуғыны белгиленген. ҒМДА Атқарыў комитети баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Россия тәрепиниң мирәт етиўине бола, бақлаўшылар миссиясы сайлаў кампаниясын мәмлекет нызамшылығына сүйенген ҳалда, Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлерде демократиялық сайлаў стандарты, ҳуқықы ҳәм еркинлиги ҳаққындағы Конвенция, Президент ҳәм парламентлик сайлаў, сондай-ақ, референдум ҒМДА бақлаўшылар миссиясы ҳаққындағы Режеге муўапық бақлап барады. Онда миссия жумысы ашық-айдынлық, қалыслық ҳәм сайлаў процеси ҳәм мәмлекеттиң ишки ислерине араласпаў принципине тийкарланады.

– Миссияның баҳасы тек ғана жеке бақлаў ҳәм басқа да мәпдар мәмлекетлик уйымлар усынған рәсмий мағлыўмат ҳәм дәлийллерге тийкарланады, – деди Илҳом Неъматов журналистлерге берген интервьюинде.

ӨзА