8-10-март күнлери Ташкент қаласында спорттың Жиу-житсу түри бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Онда республикамыздың сайланды командасы қурамында Бозатаў районы спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары да қатнасып, бир неше сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.

Атап айтқанда, Зухра Сейтмуратова, Гүлназ Үсенбаева ҳәм Гүлназ Бекбосыновалар алтын медальды қолға киргизген болса, Улбосын Қыдырбаеваға гүмис медаль несип етти.



Ал, Дина Үсенбаева ҳәм Гүмисай Казбековалар үшинши орынды жеңип алыўға еристи.

Жеңимпаз спортшыларды спорт мектебиниң тренерлери Б.Айтжанов ҳәм А.Матжановлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги