Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-март күни Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед бин Зоид Ол Наҳаян менен телефон арқалы сәўбетлести.

Мәмлекетимиз басшысы Президент Шайх Муҳаммед Ол Наҳаянды туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, жумысында үлкен жетискенликлер, дос Әмирликлер халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Еки мәмлекет жетекшилери пүткил мусылман дүньясы ушын муқаддес болған мүбәрек Рамазан айының басланғаны менен де бир-бирин қутлықлады.

Өзбекстан менен БАӘ арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў бүгинги күнде жоқары дәрежеге шыққаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

2023-жылдың жуўмағына бола өз-ара саўда көлеми 20 процентке асты. Өзбекстанда Әмирликлер инвестициясының қатнасында 300 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта, қоспа жойбарлар портфели 4 миллиард доллардан асты. Буннан тысқары, жоқары технологиялар, энергетика, геология, аўыл хожалығы, туризм, IT, инфраструктура, логистика ҳәм басқа тараўларда перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Тәреплер әмелий бирге ислесиўди барлық бағдарларда жеделлестириўге таяр екенин тастыйықлады. Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың күн тәртибин пуқта таярлаў зәрүрлиги атап өтилди.

ӨзА