Елимизде кейинги жылларда алып барылып атырған реформалар, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстан ушын қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманларға муўапық алыс Мойнақ районында бир қатар жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Бүгинги күнде Мойнаққа 3000 ға шамалас турақлы ҳәм мәўсимлик жумысшылар зәрүр. Бул бойынша социаллық тармақлар арқалы рәсмий хабарлар да жәрияланбақта.

Тек ғана Мойнақта жаратылған имканиятлар себепли көплеген дәраматлы жумыс орны жаратылды,-дейди район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Хожалепесов. – Олардың қатарында район орайындағы Дослық МПЖда жайласқан тигиўшилик фабрикасын мысал ретинде атап өтиўимизге болады. Ол ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызларды жумысқа шақырмақта.

Бул тигиўшилик фабрикасында түслик аўқат шөлкемлестирилген, жумыс көлемине қарап айлық мийнет ҳақы төленеди. Орташа айлық мийнет ҳақысы 1,5-2,5 миллион сум аралығында болып, Мойнақ районының алыс аўылларынан қатнап ислеўшилерге жол қәрежетлери төлеп бериледи. Сондай-ақ, басқа районлардан келип ислеўшилер жатақ жай менен тәмийинленеди.

Сондай-ақ, «Арал артемия санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети де ҳәзирги ўақытта ер адамлар ушын дәраматлы мәўсимлик жумыс болған шәртнама тийкарындағы мәўсимлик теримшилерди жумысқа шақырмақта. Ҳәзирги ўақытта бул жерге 1000 нан аслам мәўсимлик жумысшы зәрүр. Бул жерде бир пуқараның айлық орташа дәраматы 20-30 миллион сумды қурамақта.

Райондағы Бозатаў АПЖда жайласқан «MUYNAK LDSP ЖШЖ кәрханасы да жумысқа шақырмақта. Онда қамыс орыў жумыслары ушын қамыстың килограмын 400 сумнан, дробилкада майдаланған қамыстың килограмын 700 сумнан сатып алыў мақсетинде жумысқа шақырады.

Ислеўшилер дробилканы жеңиллетилген кредит, субсидия ямаса кәрхана есабынан алыўына да болады. Дәраматы, бир пуқара күнине бир тоннадан қамыс тапсырса, айлық дәраматы 12 миллион сумды қурайды. Егерде қамыс майдалаў үскенесин 3  миллион сумға сатып алса (яки кредит есабынан алса) айлық дәраматын 21 миллион сумға асырыўы мүмкин. Бул кәрханаға да ҳәзирги ўақытта мыңнан аслам мәўсимлик жумысшы зәрүр.

Мойнақ районы «POLYBAG» ЖШЖ жумысқа шақырады, ол полипропилен қалталарды ислеп шығарыў менен шуғылланып, ҳәзирги ўақытта жәмийетте 30 турақлы бос жумыс орны бар. Онда жумыс ислеўшилер жумыс көлемине қарап 2 миллион сумнан 3,5 миллион сум аралығында айлық дәрамат таўып атыр. Өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеўди қәлеўши пуқаралар кәрханаға тиккелей барып жумыс пенен тәмийинлениўи мүмкин.

Cондай-ақ, Мойнақ районы ҳәкимлиги Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жасыл қапламалы тоғайлықлар пайда етиў мапазы басланыўы мүнәсибети менен сексеўил ҳәм қарабарақ туқымын жыйнаў ушын жумысқа шақырады. Туқымның бир килограмы 15 мың сумнан қабыл етиледи.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги