Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизи ултанынан көтерилип атырған дузлы шаңлардың ақыбетлерин азайтыў, региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде теңиздиң қурыған аймақларында жасыл қапламалар, тоғайлықларды пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Тоғай хожалықлары тәрепинен  2024-жылға анық режелер белгиленип,  Арал теңизиниң қурыған ултанында 2024-жылы жәми 150-200 мың гектарлық тоғайлықларды пайда етиў режелестирилген.

Соннан, тоғай фонды жерлеринде 905 гектар жер майданларын пайдаланыўға киргизиў, 3905 гектарлық пайдаланыўға киргизилетуғын тоғай фонды жерлерин ижараға бериў, тоғайлықлар ҳәм путалықлардың майданларын 50 мың 80 гектарға жеткериў, мелиорация объектлери бойында ҳәм аўыл хожалығы жерлеринде өнимдарлықты арттырыў мақсетинде самал ҳәм суў эрозияларынан қорғаў ушын 250 гектар жер майданда ихота терекликлерин пайда етиў режелестирилмекте. Соның менен бирге, Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында шөл өсимликлери туқымы ҳәм нәлинен (сексеўил, черкез, қарабарақ) 200 мың гектар майданда жасыл қапламалы қорғаўшы тоғайлықлар жаратыў жумыслары әмелге асырылады. 570 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары териледи.

Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районы ҳәкимлиги Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жасыл қапламалы тоғайлықлар пайда етиў мапазы басланыўы мүнәсибети менен сексеўил ҳәм қарабарақ туқымын жыйнаў ушын жумысқа шақырмақта. Сексеўил ҳәм қарабарақ туқымын териў мапазына мыңнан аслам мәўсимлик жумысшы зәрүр. Дәраматы, бир пуқара айына еки тонна туқым жыйнағанда 30 миллион сум дәрамат табады. Өткен мәўсимде бир пуқараның орташа жыйнағаны 2,5-3 тоннаны қураған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги