Соңғы жыллары елимизде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеӯ, олардың исбилерменлик пенен шуғылланыӯы ушын қолайлы шараятлар жаратып бериӯ бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, мәҳәлле белсендилери ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң қоллап-қуӯатлаӯы менен олардың заман талабына сай кәсип-өнерге оқытылыӯы ҳәм банклерден жеңиллетилген кредитлер алып, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириӯине кең имканиятлар туӯдырылмақта.

Мәденият аӯыл пуқаралар жыйыны турғыны Генжемурат Турдымуратов усындай мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып киятырған заманласларымыздың бири.

Ол 2021-жылдан берли,  үй алды егислик жерине ыссыхана қурып, онда палыз өнимлерин жетилистирип киятыр.

-Дийқаншылыққа бурыннан қызығып, аўылда егислик жерлерге егин егетуғын едим,-дейди ол.-2021-жылы үй алды қыйтақ жерине ыссыхана қурыў бойынша усынысымды аймақтағы ҳәким жәрдемшиси Зийўар Жақсымоваға билдиргенимде, ол мениң бул басламамды қоллап-қуўатлап,  жумыс баслаўым ушын «Халық банк»тиң районлық филиалынан 15 млн сум жеңиллетилген кредит алыўыма жәрдемлести. Буның нәтийжесинде үй алдына 1,5 сотыхлы ыссыхана қурдым. Нәтийжеси жаман емес. 2022-жылы банктен алған кредитимди толық төлеп қутылдым ҳәм және бир мәрте усы банктен тағы бир ыссыхана ҳәм керекли әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын 33 млн сум жеңиллетилген кредит алдым.

Бүгинги күни усы ыссыханларға помидор, қыяр, клубника  ҳәм басқада өсимлик нәллерин егип өсирип атырман. Быйылғы жылы бул ыссыханаларда жетистирилген өнимлерден орташа 100 млн. сум дәрамат табыўды режелестирилип қойыппан.


Сондай-ақ, Генжемурат ыссыханада дийқаншылық ислеў менен тек өзи шуғылланып қоймастан, ал, қоңсы-қобаларына да үйретип, олардың да шаңарақларына қосымша дәрамат кириўине себепши болмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги