АСТАНА. KAZINFORM —Қытай Халық Республикасының Мәмлекетлик кеӊеси (ҳүкимет) санлы экономиканыӊ сапалы раўажланыўын қоллап-қуўатлаўдыӊ жаӊа илажларын ислеп шығады. Бул ҳаққында Пүткилқытай халық ўәкиллери мәжилисиниӊ ағымдағы сессиясындағы ҳүкимет билдириўинде айтылды.

 «Биз санлы экономиканыӊ сапалы раўажланыўын қоллап-қуўатлаў илажларын таярлаўға, санлы ресурсларды санаатластырыў ҳәм санаатты санластырыўға жедел түрде жәрдемлесиўге, санлы технологиялардыӊ экономиканыӊ реал секторына тереӊнен интеграцияланыўына жәрдем бериўимиз керек», -делинген хабарда.

Ҳүжжетте «Жасалма интеллект плюс» ҳәрекет режесин жүзеге шығарыў ҳәм халықаралық бәсекиге шыдамлы санлы тараў кластерин қурыў керек екенлиги айтылған.

2022-жылы Қытайдыӊ санлы экономикасы 50 триллион юаньнан артты. Ал, Қытайдыӊ жалпы ишки өниминдеги санлы экономиканыӊ үлеси 40 проценттен артты.

 «Еки сессия» шеӊберинде Қытайдыӊ бир қатар провинцияларынан келген делегациялар мәмлекет аймақларыныӊ санлы экономикасын еле де раўажландырыў мәселесин көтерди. Қытайдыӊ санлы экономиканы раўажландырыўдағы жетекшилеринен бири – Шығыс Қытайдыӊ Шаньдун провинциясы. 2023-жылдыӊ ақырында бул провинцияныӊ ЖИӨдеги санлы экономиканыӊ үлеси 47 %тен артты, жергиликли ҳәкимият 2025-жылға барып оныӊ үлесин 50 %тен арттырыўды режелестирмекте. Бүгинги күни Шаньдун провинциясында аймақтыӊ барлық қалалары ҳәм аўылларын қамтыйтуғын 200 мыӊнан аслам 5G базалық станциялары орналастырылды.

2023-жылдың ақырында 100 миллионнан аслам халқы бар Шаньдун провинциясыныӊ жалпы ишки өними 9,21 триллион юаньды (1,28 триллион доллар) қурады.

Еслетип өтемиз, Пекинде  14-Пүткилқытай халық ўәкиллери мәжилисиниӊ 2-сессиясы болып өтип атыр, ол 11-мартта жуўмақланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги