Инсан қәдирин улығлаў, бәринен бурын, әзиз ҳәм гөззал ҳаял-қызларды улығлаўдан басланады

Ташкент қаласында Халықаралық ҳаял–қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.
Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, ҳаял-қызларға шын кеўилден меҳир ҳәм ҳүрметин билдирди.


– Биз ҳәр жылы бул күнди ынтықлық, қәлбимизде әжеп жыллылық пенен күтемиз. Бул гөззал әйяямда ҳәммемиз бизлерди дүньяға келтирген, ақ сүт берип, меҳир ҳәм тәрбия берип камалға жеткерген уллы ана тулғасына, қәдирдан ҳаялға бас ийемиз.. Инсан қәдирин улығлаў, бәринен бурын, әзиз ҳәм гөззал ҳаял-қызларымызды улығлаўдан басланады, – деди Президент.
Мәмлекетимизде бул мақсет жолында көп жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, гендер теңлигин жүзеге шығарыў, ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.


Бул барлық тараўларда көзге тасланады. Мысалы, сиясий тараўды алсақ, сайлаў кодексимизде депутатлыққа талабанлардың кеминде 40 проценти яки ҳәр 5 талабаннан 2 си ҳаял адам болыўы зәрүр екенлиги белгиленген. Ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 2017-жылдан 27 проценттен 35 процентке артқан.
Ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў, олардың арасында исбилерменликти раўажландырыў бойынша да салмақлы нәтийжелерге ерисилмекте. Соңғы 5 жыл ишинде Өзбекстанда исбилермен ҳаял-қызлардың қатары еки есеге кеңейип, өз бизнесин жолға қойған исбилермен ҳаял-қызлардың саны 205 мыңнан артты. Сондай-ақ, 200 мыңға шамалас ҳаял-қызлар кәсип-өнер ҳә исбилерменликке оқытылды. 400 мыңнан көби жумыс пенен тәмийинленди.


Келешек тәрбияшылары болған қызларды тәрбиялаўға үлкен әҳмийет берилмекте. Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларында оқып атырған 1 миллион 300 мыңға шамалас студенттиң ярымынан көбисин ҳаял-қызлар қурамақта. Мүтәж шанарақларға тийисли ҳаял-қызлар қосымша мәмлекетлик грант бойынша оқыўға қабыл етилмекте. Олар ушын жеңилликли тәлим кредитлерин ажыратыў, социаллық жәрдемге мүтәжлердиң контаркт пулын қаплап бериў жолға қойылған.
Мәмлекетимиз ҳаял-қызлары илимде де үлкен нәтийжелерге ериспекте. Соңғы жети жылда 5 мың 247 ҳаял-қызлар илимий дәрежелер алған. “Бир миллион программист” жойбары шеңберинде билим алған жаслардың 47 процентин ҳаял-қызлар қураған.


– Қаншама қыйын болмасын, биз қосымша имканият таўып, социаллық тараўларды раўажландырыў, ҳаял-қызларымыздың өз потенциалын әмелге асырыўы ушын шараят жаратпақтамыз ҳәм бул жумысларымыз, әлбетте, даўам етеди. Себеби, ҳаял-қызлардың, атап айтқанда, қыз баланың оқып, жоқары мағлыўматлы болыўы, кәсип-өнер ийелеўи шанарақ бахыты, перзентлердиң келешеги, усы тийкарда жәмийеттиң раўажланыўы ушын хызмет етеди, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президент Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген, ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў, бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, социаллық қорғаўды күшейтиўге қаратылған ўазыйпаларға тоқтап өтти.


Бул бағдарда Сенат Баслығы басшылығында арнаўлы комиссия дүзилип, ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў бойынша жумыслар толық жаңаша көзқараслар ҳәм система тийкарында шөлкемлестириледи.
Ўәлаят, район, қала ҳәкимлери, ҳәкимликлердиң ҳаял-қызлар ислери бойынша орынбасарлары ҳәм белсенди жаслар Комиссия менен биргеликте усы жылы 9 442 мәҳәлледеги 580 мыңға шамалас жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге жуўапкер етип белгиленеди.


Улыўма, бир ай мүддетте ҳаял-қызларды исблерменликке кеңнен тартыў богйынша өз алдына бағдарлама қабыл етилип, жойбарларды әмелге асырыў ушын 15 триллион сум ажыратылады. Буннан тысқары, Саудия Арабстаны, Қатар, Япония, Қубла Корея ҳәм Германиядан 100 миллион доллар грант тартылады.
Өзбекстан мәҳәллелери ассосиасиясы ҳәм оның аймақлық структуралары, “мәҳәлле жетилиги” қурамындағы ҳаял-қызлар белсендилери ҳаял-кызларға жәрдемши, шаңарақлық мәселелерде жақын сырласы болыўы керек екенлиги атап өтилди.


Ҳаял ушын еӊ уллысы – аналық бахты. Мәмлекетимиздиӊ халқы ҳәр жылы шама менен 900 мыӊға көбеймекте. Оларды физикалық ҳәм руўхый бәркамал етип, ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў муқаддес ўазыйпа.
Усы мәнисте, мәмлекетимиз басшысы барлық ҳаял-қызларға мүрәжет етти.


– Биз руўхый тәрбия жумысларын енди толық жаӊаша усылда алып барыўымыз керек. “Жақсылық – сүренимиз, ағартыўшылық – қуралымыз” деген идея тийкарында бул процессти еӊ алды менен шаӊарақтан, мәҳәлледен баслаўымыз керек. Ҳәдислерде айтылғанындай, “Ата-ана өз перзентине жақсы тәрбиядан басқа мийрас қалдыра алмайды”. Ҳүрметли апа-қарындасларымыз, дуўагөй аналарымыздыӊ жуўапкершилиги – әне усы мәселелерде тиккелей көринеди, – деп атап өтти Президент.
Мәмлекетимизде ҳаял-қызларға қаратылып атырған итибар халықаралық көлемде тән алынбақта. Жәҳән банкиниӊ күни кеше жәрияланған индексинде Өзбекстан гендер теӊлиги тараўында дүньяныӊ еӊ тез раўажланып атырған 5 мәмлекети қатарында белгиленди. Усы жылы мәмлекетимизде және бир ири әнжуман – Азия ҳаял-қызлар форумы болып өтеди.


Президентимиз байрам илажында қатнасып атырған мәмлекетлердиӊ елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиӊ ўәкиллерин де қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 4-марттағы қарарына бола 28 қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен, 5-марттағы пәрманына муўапық түрли тараўларда белсендилик көрсеткен ҳаял-қызлар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди. Илажда әне усы жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.


Мәмлекетимиздиң түрли аймақларынан келген ҳаял-қызлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери пайызлы дастурхан әтирапында байрамды белгиледи.
Байрам салтанатлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.









ӨзА