Ақмай ислеп шығаратуғын жасырын цех анықланды

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Әмиўдәрья районы бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ҳәм ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда ақмай өнимлерин ислеп шығарып атырған жасырын цех анықланды.
Бухара ўәлаяты Ромитан районында мәмлекетлик дизимнен өткен “T.” Ҳәм Әмиўдәрья районындағы “A.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниӊ жуўапкер шахслары өз-ара тил бириктирип, “A.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли турақ жай емес имаратта жасырын цех ашқан.
Илаж даўамында усы жасырын цехтан жасалма усылда таярланған 77,1 тонна 5 литрлик сыйымлылықтағы ыдысларға қадақланған пайдаланыўға жарамсыз ақмай, 19 мыӊ 460 дана хожалық сабыны, 10 тонна пахта шигити, 3 тонна гүнжара, 32 рулон этикетка, 8 дана май-жуўаз үскенеси ҳәм өндиристе пайдаланылатуғын жәми 1,3 миллиард сумлық товар-материаллық байлық айғақлы дәлил ретинде алынды.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги