Рамазан айы мүнәсип күтип алынды

Президентимиздиӊ усы жыл 7 –марттағы “Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, жақсылық ҳәм шүкиршилик тымсалы болған бул айды мүнәсип күтип алыў ҳәм өткериў бойынша республикамызда бир қатар илажлар әмелге асырылды.
Мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат пазыйлетлери қәдирленетуғын Рамазан айы алдынан қала ҳәм районларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.
Төрткүл районындағы “Молла Жумабай”, “Монтық баба”, “Aбдижамил ийшан”, “Жамбасқала” сыяқлы район аймағындағы барлық 10 жоме мешитинде, қойымшылықлардыӊ әтирапларын тазалаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары исленди. Аймақлары тазаланып, нәллер егилди.

Сондай-ақ, Беруний районы аймағындағы барлық жоме мешитлеринде усындай абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, Султан Увайс баба, Шайх Aббас Валий жоме мешитлериниӊ әтираплары абаданластырылып, саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Зыярат орынлары, қойымшылықларды абаданластырыў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар қала ҳәм районларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги