Студентлер халықаралық олимпиада жеңимпазлары қатарында

202

Усы жылдың 3-8-март күнлери Түркменстан Республикасыныӊ Ашхабад қаласында “Open Mathematical Olympiad for University Students (OMOUS-2024)” халықаралық математика олимпиадасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент-жаслары қатнасып, сыйлы орынларды ийеледи.

Атап айтқанда, оныӊ нәтийжелери бойынша Математика факультети студентлери 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 қола медальларына миясар болды. Сондай-ақ, командалық есапта университеттиң биринши командасы гүмис ҳәм екинши командасы қола медальларын қолға киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги