Қытай Халық Республикасының Синьцзян санаат-қурылыс Корпусы (ССҚК) комиссары орынбасары Лю Синьцянь басшылығындағы делегация республикамызда болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтыӊ қабыллаўында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Онда Президентимиз ҳәм Қытай Халық Республикасы жетекшисиниӊ басламасы менен жақында өткерилген Өзбекстан-Қытай аймақлар аралық форумы жаңа жойбарлар үстинде бирге ислесиўге жаңаша жол ашқаны, бунда еки мәмлекет басшыларының бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бағдарындағы жоқары перспективалы, нәтийжелиликке тийкарланған ийгиликли идеялары, узақты гөзлеп ерисилген келисимлери тийкар болып хызмет етип атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы арасындағы дослық байланысларын көп тәреплемели бағдарлар бойынша беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген форум еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиўде, Қарақалпақстан ушын пайдалы келисимлерге ерисилиўинде әҳмийетли болып, улыўма 1 миллиард долларға шамалас перспективалы жойбарлар бойынша келисимге ерисилген еди.
Ушырасыўда бул бағдардағы әмелий илажларды даўам еттириў, Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында берилген жеңилликлер тийкарында жаңа, ири көлемдеги инвестициялық жойбарлар бойынша бирге ислесиў мәселелери талқыланды. Сондай-ақ, еки тәреплеме шерикликти және де раўажландырыўда Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы елшиханасында жаңадан шөлкемлестирилип атырған Қарақалпақстан Республикасының айрықша ўәкилиниң жумысы жолға қойылыўы да жаңаша имканиятлар есигин ашатуғынлығы тилге алынды.
Сөйлесиўлер даўамында Қарақалпақстанның бар мүмкиншиликлеринен пайдаланып, санаат өндириси жумысларын кеңейтиў, бул бағдарда жаңа кәрханалардыӊ жумысларын жолға қойыў, аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер талқыланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги