Сүмелек сейили даўам етпекте
269

Әмиўдәрья районы Қылышбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 83-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Наўрыз-қәдириятлар байрамы” сүрени астында сүмелек сейили болып өтти.
Байрамға мирәт етилген кексе муғаллимлер жасларға миллий байрамымыздыӊ келип шығыў тарийхы, оныӊ тәрбиялық әҳмийети туўралы айтып берди. Биргеликте қайнатылған сүмелек әтирапында муғаллимлер ҳәм оқыўшылар миллий қосықлар менен аяқ ойынларды атқарды.
Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги