Хожелиде байрам нәпеси

Бүгин 7-март күни Хожели районы орайында жайласқан пайызлы орынлардың биринде 8-март –Халық аралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Онда районның сектор басшылары, нураный апалар, халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында белсендилик көрсетип атырған ҳаял-қызлар, түрли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими Ж. Ермашев сөзге шығып, бәрше ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлап, олардың ҳәр қыйлы тараўларда ислеп атырған мийнетлерин, өзлериниң пидайы хызметлери менен елимиздиң раўажланыўына қосып атырған үлеслерин айрықша атап өтти. Буннан соң, ҳаял-қызлар ушын байрам саўғалары тапсырылып, районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.










Қарақалпақстан хабар агентлиги