«Алтын қәлем ийеси -2024»

462

8-март халықаралық байрамы қарсаңында Самарқанд қаласында «QUALITY PUBICATION» Өзбекстан илимий-жәмийетлик орайының  Финляндия  жәмийетлик қоры менен биргеликте «Алтын қәлем ийеси-2024» илимий-әмелий конференциясы болып өтти.

Онда мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық тараўында мүнәсип жумыс алып барып атырған ҳәм илим менен шуғылланыўшы ҳаял-қызлар қатнасты. Оған Бердақ атындағы ҚМУ дың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-курс студентлери А.Есемуратова, А.Есенгелдиева, М.Шарафатдинова ҳәм усы факультеттиң қарақалпақ әдебияты қәнигелиги 1-курс магистранты У.Исаматдиновалар қатнасты.

Онда қатнасқан 200 ге шамалас ҳаял-қызлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланып, оларға  стауэткалар тапсырылды. Форум шеңберинде өткерилген таңлаўда Арзыгүл Есемуратованың илимий мақаласы Финляндия мәмлекетинде басылып шыққан китапта жәрияланды ҳәм ол «Алтын қәлем ийеси-2024»  номинациясы  менен сыйлықланды.

-Конференция көтериңки руўхта өткерилди. Илим менен шуғылланыўшы көплеген ҳаял-қызлар қатнасты. Байрам қарсаңында мийнетлеримиздиң усындай дәрежеде баҳаланыўы менде үлкен тәсирлер қалдырды,-дейди ол.


Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы