Байрам мийнет жәмәәтлеринде де даўам етпекте

«8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен өткерилип атырған мәдений илажлар мийнет жәмәәтлеринде де даўам етпекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында да байрамға бағышланып «Дүнья жарасығы-гүлтажы ҳаял» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Илажда орай директоры Б.Диланов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтип, жыйналғанларды қызғын қутлықлап жақсы тилеклерин билдирди.
Буннан соң, орайда ҳаял-қызлар тәрепинен қолға киргизилген жетискенликлер ҳаққында сөз етилип, оларға байрам саўғалары тапсырылды.
Илаж даўамында жасы үлкен устазлар да сөзге шығып, көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлықлар ушын миннетдаршылықларын билдирди.




Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги