Әмиӯдәрьялы ҳаял-қызларға саӯғалар тапсырылды

353

8-март-халықаралық ҳаял-қызлар байрамы ҳәм мусылманлардың ең үлкен байрамы Рамазан ҳайыт күни алдынан Әмиӯдәрья районы ҳәкими Сабыр Хожаметов, «Инсан» социаллық жәрдем орайының басшылары менен бирге, аймақта жасаӯшы социаллық қорғаӯға мүтәж бир қатар шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алды.

Илаж даӯамында район ҳәкими бул шаңарақ ағзаларын елимизге кирип киятырған қос байрам менен қутлықлады ҳәм оларға байрам саӯғаларын тапсырды.

Атап айтатуғын болсақ, Бостан мәкан пуқаралар жыйынында жасаӯшы Назокат Ещанова ҳәм Орта қала елатында жасаӯшы Айжан Маҳмудоваларға байрам мүнәсибети менен заманагөй электрон арбаша саӯға етилди.

Өз гезегинде әмиӯдәрьялы бул ҳаял-қызлар да район басшыларына өзлерине қаратып атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлық ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Усындай байрам илажлары район бойлап даӯам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы