Тынымсыз мийнеттиң жемиси татлы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-марттағы «Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Нөкис қаласындағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсы-жыраўшылық қәнигелиги бойынша муғаллими Гүлшынар Худайбергенова усы сыйлықтың лауреаты болды.
Г.Худайбергенова 1999-жыл 10-май күни Хожели районында туўылған. Ол Хожели районындағы 55-санлы мектепте оқыған дәўирлеринен-ақ, көркем әдебиятқа байланыслы кешелерде, ҳәр қыйлы таңлаўларда қатнасып мақтаў жарлығы, дипломлар менен сыйлықланған. Сондай-ақ, мектепте пән олимпиадаларында алдыңғы орынларды ийелеп, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, қатарлары арасында тапқырлығы менен ажыралып турған. 2014-жылы улыўма билим бериў мектебин айрықша баҳаларға питкерип, 2014-2017-жыллар даўамында Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде «бақсышылық» бағдары бойынша оқыған. Колледжде де бақсышылық бағдары бойынша халықаралық ҳәм республика көлеминдеги таңлаўларға ҳәм ана тили пәнинен дөгереклерге қатнасып, сыйлы орынларды ийелеген.
Гүлшынар Худайбергенова 2017-2021-жыллары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарында, 2021-2023-жыллары Магистратура бөлиминиң музыкалық тәлим ҳәм көркем өнер қәнигелигинде оқып билим алған. Устазы ҳәм илимий басшысы, доцент София Тәжетдинова менен биргеликте илимий-изертлеў жумысларын алып барған.
Ол институтта да республикалық көлемде өткерилген фестивальлар, халықаралық таңлаўлар, Наўрыз ҳәм Fәрезсизлик байрамлары мүнәсибети менен өткерилетуғын концерт бағдарламаларында белсене қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын алып диплом, ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Гүлшынар өзиниң таланты, уқыбы, талапшаңлығы, өз үстинде тынбай излениўи ҳәм тәлим-тәрбиясы менен заманласлары арасында айрықша итибар ҳәм меҳирге ылайық үлгили студентлердиң бири болған.
Тынымсыз излениўлери арқалы билим ҳәм тәжирийбесин және де арттырыўға ҳәрекет етип, студентлик жылларында өз қәнигелиги бойынша өтилетуғын барлық пәнлерди қунт пенен үйренип, терең өзлестириўге ҳәрекет еткен.
– Г.Худайбергенова Республика көлеминде өткерилип атырған концерт бағдарламаларында, байрам илажларында белсене қатнасып келмекте,-дейди Өзбекстан халық бақсысы F.Өтемуратов. – Оның репертуарынан көплеген халық қосықлары ҳәм дәстанлары орын алған. Бақсы намаларын жақсылап атқарыўы арқалы тыңлағанларға айрықша заўық бағышлайтуғын ҳаўазға ийе.
Устазы Оралбай Отамбетовтан бақсышылық сырларын үйренип келмекте. Мийнет жәмәәтинде ҳүрметке, абырайға ийе болып, үлгили минез-қулқы менен қатарларына өрнек болып келмекте.
Гүлшынар келешекте бақсышылық көркем өнерин және де раўажландырып, дүнья сахнасына алып шығыў, бул көркем өнер түрин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм илимий жақтан үйрениў жумысларында белсене қатнасыўды мақсет еткен үмитли жаслардың бири.
Тынымсыз мийнеттиң жемиси татлы, дегениндей Гүлшынардың мийнетлери мүнәсип баҳаланғанынан ҳәммемиз қуўанышлымыз.
- Гүлшынар бизиң мәкан пуқаралар жыйынымызда жасайды,-дейди Нөкис қаласындағы Нурлы бостан МПЖ баслығы С.Алламуратов. – Ол әпиўайы жумысшылар шаңарағында дүньяға келген.
Мәҳәллемиздеги билимге қуштарлығы жоқары, интакер, кең пикирлейтуғын, излениўшең жасларымыздан есапланады. Ол ҳәзир Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде муғаллим болып ислемекте. Оның өз Ўатанына, халқына, мәҳәллесине ҳүрмети жоқары ҳәм өз қатарларын усы сыяқлы пазыйлетлерге әмел етиўге шақырады. Мәҳәллемиздеги аўызбиршиликти, дослық қатнасықларды, абаданлықты үгит-нәсиятлап жүрген шаңарақтың перзенти. Сондай-ақ, ол мәҳәллемиздеги абаданластырыў ҳәм жәмийетлик жумысларға белсене қатнасып келмекте. Биз Г.Худайбергенованы келешекте елимизге шын кеўилден хызмет ететуғын қызлардан болып, мәҳәллемиздиң абырайын жоқары көтеретуғынлығына исенемиз.
Биз де өз гезегинде Гүлшынар Худайбергенованы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болғаны менен қутлықлап, оның алдағы дөретиўшилик ҳәм илимий жумысларында табыслар тилеймиз.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги