Жаслар жәмийетимиздиң жетекши күши

477

Елимизде ҳәр бир мәҳәлледе «Жаслар балансы» қәлиплестирилип, 7 категориядағы жасларды Қорғаныў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары  хызметкерлери, сектор, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшыларына атпа-ат бириктириў арқалы социаллық-экономикалық ҳәм руўхый-ағартыўшылық жақтан машқаласы бар жасларға индивидуал жәрдем бериў илажлары әмелге асырылмақта.  Тақыятас районында болғанымызда, район жасларының жетекшиси Шахзод Жумамуратов бул бағдардағы   жумыслар ҳаққында төмендегилерди айтып берди.

-Жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың билим алыўы, мийнет етиўи, өз қәбилети ҳәм талантын жүзеге шығарыўы ушын  барлық имканиятларды жаратыў  соңғы жылларда мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Өткен қысқа дәўир ишинде жасларға байланыслы жүзден аслам ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Әсиресе,  жаңаланған Конституциямызда  жас әўладтың ҳуқықлары менен мәплери белгили статьялар арқалы  белгиленип қойылғаны, бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўге мүмкиншилик береди.

Өткен 2023 –жылды  жаслар менен ислесиў бойынша жаңаша вертикал басқарыў системасы жаратылып,  елимиздеги барлық мәҳәллелерде жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилди. Районымызда бул лаўазымға 14 белсенди жаслар бекитилип, имканиятлар жаратылды.

«Жаслар дәптери» жолға қойылып, соңғы еки жылда 3961 ға шамалас жасқа материаллық жәрдем көрсетилди. Соннан, 234 студент жастың шәртнама төлемлери төлеп берилди. Сондай-ақ,  843  жасқа 7 млрд 472 миллион сумнан зыят жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Жас исбилерменлер саны 3 есеге көбейип, 300 ден асты.

Районымыздың имканиятынан келип шығып, аўыл хожалығы бағдарында 503  жасқа дийқаншылық етиў ушын 350 гектар жер ажыратылып, 816 жумыссыз жас дийқаншылық пенен шуғылланып, дәрамат табыў имканияты пайда болды.

«Жаслар ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў жылы» нда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша Жаслар қоймахана китабы ислеп шығылды. Бул китапта быйылғы жылы район жаслары менен мәнзилли ислесиў бойынша 8 бағдарда ўазыйпалар белгиленди. Жаслар қоймахана китабы системасын турмысқа енгизиў нәтийжесинде 2024-жылы районымызда 25 мың 139 мың жас қамтып алынды. «Аўыр» категориядағы жаслардың машқалалары бойынша «Жол картасы» на киргизилген жаслар саны 613,  соннан машқалалары бар жаслардан 441 жастың  435 ниң машқалалары шешилди. 2023-жылы  «Жаслар дәптери» не киргизилген 3  452 жастың  3  072 синиң машқалалары унамлы шешилди.

Сондай-ақ, «Жаслар бәнтлиги бағдарламасы» әмелге асырылып, райондағы  464  жумыссыз ҳәм 441  мектеп питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў мақсетинде, кәсипке қызығыўшылығын үйренген ҳалда оларды шет тиллери ҳәм заман талаплары тийкарында оқытыў, исбилерменлик ҳәм дийқаншылық ислеўи ушын имканиятлар жаратып, субсидия ҳәм  жеңилликли кредитер ажыратыў, Европа мәмлекетлерине усынылып атырған бос жумыс орынларына жайластырыўға жәрдем бериў  арқалы бәнтлиги тәмийинленеди.

«Ҳәр бир мәҳәлледен еки программист» жойбары тийкарында районымыздан 28 жасты бәнт етиў ҳәм  48 не маркетинг, реклама, электрон саўда, 85 саўда, 85 дизайнер сыяқлы заманагөй кәсиплерди үйретиўди алдымызға мақсет етип қойғанбыз.

Талантлы жасларды излеп табыў, оларды жүзеге шығарыў ҳәм  қоллап-қуўатлаўға жәрдем бериў системасы қәлиплестирилди. Бул илажларға 7175 жас қамтып алынады. Тийкарынан, «Ибрат перзентлери» Youtube платформасы арқалы 1 603, «UzChes» жойбары тийкарында 1 790, волонтёрлық ҳәм лидерлик жойбарына 424 ҳәм интеллектуаллық ойынларға 1 659 жасты қамтып алыў илажлары көриледи. Бул ушын Басламалы бюджетке «Жаслар орайы»н қурыў, район орайында спорт мектебин қайта оңлаў ҳәм мектеп ишинде киберспорт, шахмат клубларын, кинотеатр залын жолға қойып, районымыз китапханасын заманагөй көриниске келтириў ҳәм жаңа китаплар менен байытыў ислери усыныс етилмекте.

Жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын 14 мәҳәлледеги жаслар ушын «Бес баслама олимпиадасы» әскерий ўатансүйиўшилик илажлары шөлкемлестириледи.






Жаслар жәмийетимиздиң жетекши күши. Биз ҳүрметли Президентимиз тәрепиен жасларға жаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып, алдағы ўақытлары елимиздиң раўажланыўы жолында өз үлесимизди қосыўға ҳәрекет етемиз.



Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги