Мәмлимлеме таярлаўшыда гәп көп ямаса миллий контент жаратыў жуўапкершилиги

Ҳәр күни қолымыздағы телефон арқалы жүзлеген жаӊалықлардан хабардар боламыз. Бирақ, биз танысып атырған түрли мазмундағы бул хабарлардыӊ ҳәммесин де қалыс, шын деп болмайды.
Билемиз, мәлимлеме таярлаўшы ҳәм тарқатыўшыда гәп көп. Усы жерде бир мысал. Төрт шөлкем менен биргеликте өткерилген илажды ҳәр бир уйым өз кәрханасыныӊ пайдасы көзқарасынан жарытады. Енди сырт елде болып өтип атырған әҳмийетли процесслер ҳаққындағы мәлимлемелерди екинши яки үшинши дәрек арқалы алыўды ойлап көриӊ. Олар мәлимлеме мазмунын сездирместен бираз өзгертип, өз көзқарасларынан келип шығып бериўи де мүмкин. Буны бәрқулла аӊлаў қыйын екени тәбийғый. Қалаберди, бәрқулла хабарды тексериўге ўақыт, мейил болмайды.
Халықаралық медиамәканда бәсеки күшейген ҳәзирги күнде дүньядағы ҒХҚ ҳәм социаллық тармақлар арқалы тарқатылып атырған мәлимлемелерде қандай идея ҳәм мақсет жасырын екенин толық сезиў қыйын. Мәлимлемелер бир қарағанда исенимли көринеди – ўақыя орнынан, турақлы мәплерден келип шыққан ҳалда, оғада шеберлик пенен алынған сүўрет ҳәм видеолар, интервьюлер жәрияланады, бул процессте биз олар қайта ислениўи-өзгертилиўи мүмкин екенинде де есте сақлаўымыз керек. Сыр емес, кейинги ўақытларда бул бағдарда да жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў жағдайлары ушыраспақта, көбеймекте. Бул болса,халықаралық медиамәкан материалларында ғәрезли мақсетлер жолында жасалмашылық көбейиўи итималлығы бар екенин билдиреди.
Солай екен, усындай жағдайда журналист ҳәм блогерлеримиз, дөретиўшилеримиз оғада сергек ҳәм қырағы болыўы керек екени, тараўға тийисли заманагөй билимлерди тереӊ ийелеп барыўы зәрүр екени, заман менен теӊдей, ҳәттеки бир қәдем алдында жүриўи керек ҳәм шәрт екени көрсетилди.
Бүгинги раўажланыўлар процесинде мәлимлеме қәўиплери еӊ үлкен қәўетерлерден бирине айланды. Усы жыл 12-январь күни болып өткен Қәўипсизлик кеӊесиниӊ кеӊейтилген мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан мәлимлеме мәканында миллий контент жаратыў, мәлимлеме қәўипсизлиги мәселесине бийкарға итибар қаратпады.
Сөзликлерде миллий сөзине “халықлық, миллетке тийисли, диний, бир мәмлекет ҳәм оныӊ халқына тийисли, қандайда бир миллеттиӊ, халықтыӊ өзине тән болыўы, оныӊ өзгешеликлерин сәўлелендириўши” деп, контент сөзине болса “өз-өзин сәўленендириў, тарқатыў, маркетинг яки басып шығарыў ушын сөйлеў, жазыў яки түрли көркем өнер түрлери сыяқлы қандайда бир қурал арқалы сәўлелендирилиўи керек болған мәлимлеме қуралы” деп түсиник бериледи. Бундай миллий контент түсиниги қамтып алыўы кеӊ екенин билдиреди.
Еӊ дәслеп, миллий контент дегенде, миллий мәплеримизди нәзерде тутқан ҳалда мәмлекетимиз ҳәм дүньяда болып атырған ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында таярланған қалыс, исенимли материалларды түсинемиз.
Президентимиздиӊ басшылығында халқымыз руўхыйлығын раўажландырыў, жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, илим, билимлендириў, экономика, мәденият, исбилерменлик, көркем өнер, спорт барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардыӊ нәтийжелилиги, машқалалар ҳәм ерисилип атырған жетискенликлер жарытылатуғын ҳәр тәреплеме пуқта, сапалы медиа өнимлер де миллий контентти байытыўға хызмет етеди.
Мәмлекетмиз тарыйхы ҳәм өзине тән тәреплери, географиясы, миллий мәмлекетшлигимиз, жадид бабаларымыз, уллы сәркардаларымыз, ата-бабаларымыз ҳәм дөретиўшилеримиздиӊ өмири менен мийнети, миллий менталитетимиз, елимиздиӊ тәбияты, миллий мәплеримиз, өзбек тили, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз ҳаққында таярланатуғын дөретиўшилик жумыслар да миллий контент қатарына киреди.
Өзбекстан Журналистлер аўқамыныӊ 2019-жыл 17-июль күни болып өткен IV конференциясында қабыл етилген Өзбекстан журналистлериниӊ кәсип этикасы кодексиниӊ алтыншы бөлиминде “Журналист қандай темаға қол урмасын миллий өзине тәнлик, миллий руўхыйлық ҳәм этикалық қәдириятларға, соныӊ менен бирге, басқа миллет ҳәм халықлардыӊ үрп-әдет ҳәм мәдениятына ҳүрмет көрсетеди. Материалды тарқатыўда әдебий тил қағыйдаларына әмел етеди. Журналист мәмлекеттиӊ мәлимлеме мәканындағы абырайы ҳәм дүнья мәлимлеме майданындағы имиджине зыян жеткермеўге умтылады”, делинген. Бизге белгили, журналистлик материал – миллий контент таярлаўдыӊ да жуўапкершилиги бар. Қалаберди, көпшиликке кеӊнен тарқатылатуғын контент исенимли, қалыс ҳәм әдил, оқыўшы ушын қызықлы болыўы, оған қандайда бир – мәнис-мазмунлы мәлимлеме бериўи керек. Бундай материаллар таярлаў ушын болса автор жетерли билим ҳәм тәжирийбеге, шеберликке ийе болыўы керек.
Дүньяда жүз берип атырған сиясий жағдай миллий контент жаратыў ҳәм көбейтиў мәселеси оғада әҳмийетли екенин көрсетпекте. Мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў болса миллий қәўипсизлик тараўында әҳмийетли ўазыйпа сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Рети келгенде айтыў керек, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен ислеп шығылған “Өзбекстан Республикасы мәлимлеме кодекси” жойбарыныӊ төртинши бөлими мәлимлеме қәўипсизлигине бағышланады. Кодекс жойбарына шахстыӊ мәлимлеме қәўипсизлиги, жәмийеттиӊ мәлимлеме қәўипсизлиги, мәмлекеттиӊ мәлимлеме қәўипсизлиги, ғалаба хабар қуралларында, соныӊ менен бирге, онлайн-платформаларда қәўипсизликти тәмийинлеў сыяқлы статьялар киргизилгени итибарға ылайық.
Усы күнлери жетилистирилип атырған бул мәлимлеме кодексиниӊ қабыл етилиўи нәтийжесинде журналистика ҳәм мәлимлеме тараўыныӊ ҳуқықый тийкарлары және де беккемленеди, медиа тараўға тийисли пытыраӊқы, бирақ мазмуны уқсас болған нызамлар бир нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қәлпине келеди. Басқаша айтқанда, тараўға тийисли нызамшылығымызда жүзеге келген бослық толықтырылады.
Ҳәр күни дүньяда қаншадан-қанша ўақыя-ҳәдийселер жүз береди. Түрли қарама-қарсылықлар, қураллы соқлығысыўлар, бир мәмлекеттиӊ екиншисине тәсир өткериўге умытылыўы жағдайларына гүўа болып атырмыз. Бул бағдардағы мәлимлемелердиӊ тийкарғы бөлегин сырт ел ҒХҚларынан алып атырмыз. Бирақ, дүнья турмысына тийисли мәлимлемелерди екинши яки үшинши дәректен алыўды басқышпа-басқыш азайтыў илажларын көриў оғада әҳмийетли. Соныӊ менен бирге, халқымыздыӊ медиасаўатлылығы ҳәм руўхыйлығын арттырыў, барлық түрдеги ҒХҚ, сондай-ақ, социаллық тармақлар өзбек сегменти ушын миллий контентти көбейтиў оғада әҳмийетли.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, “Дүньядағы ўақыяларға миллий мәплеримиз көзқарасынан баҳа береди екенбиз, бул ислердиӊ сырт елден турып әмелге асырылыўына имканият жаратып берген боламыз. Себеби, адамлардағы жаӊалық, аналитикалық мағлыўмат, реал ўақыяға болған мүтәжлигин биз қанаатландырмайды екенбиз, буны басқалар ислейди”.
Ғалаба хабар қуралларыныӊ саны көбейип, социаллық тармақлар тезлик пенен раўажланып бармақта. Олар тарқатып атырған хабарлардыӊ саны күн сайын артпақта. Соған қарамастан, уйқыдан оянғаннан уйқыға кетемен дегенше жаӊалық излеймиз.
Улыўма алып қарағанда, миллий медиа халқымыздыӊ мәлимлемеге болған талабын толық қанаатландырмақта, деп айта алмаймыз. Солай екен, мәмлекетимиздеги ғалаба хабар қураллары, Өзбекстан Журналистлери аўқамы ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери алдында бул бағдардағы жумысларды жанландырыў бойынша жуўапкершиликли ўазыйпалар турыпты.
Әне, усы ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда ислеп шығылған режемизде тараў жетекшилери ҳәм илимпазлары, тәжирийбели ҳәм белгили устаз журналистлердиӊ қатнасыўында ғалаба хабар қураллары – газета ҳәм журналларда, интернет басылымларында, телерадиоканалларда, медиа тараў ушын кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў шөлкемлеринде миллий контент жаратыў ҳәм оны көбейтиў сырлары, илимий тийкарлары бойынша семинал-тренинглер, дөгерек сәўбетлерин өткериў де орын алған.
Миллий контент таярлаўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған бул бағдардағы жумыслар шеӊберинде “Еӊ жақсы миллий контент” республикалық таӊлаўын өткериў режелестирилмекте. “Facebook” социаллық тармағында еӊ жақсы миллий контентти таярлаўға қосқан үлеси ушын”, “Жадидлер ҳаққындағы еӊ жақсы материаллар ушын”, “Балаларды китапқумарлыққа қызықтырған блог-постлар ушын”, “Интернет тармағында жәрияланған еӊ жақсы миллий контент ушын” сыяқлы сегиз номинация бойынша өткерилетуғын таӊлаўда интернет баслымларында жумыс алып барып атырған журналистлер, сондай-ақ, блогерлердиӊ қатнасыўы белгиленген.
Булардан гөзленген тийкарғы мақсет – журналист ҳәм блогерлеримиздиӊ билими, маманлығы ҳәм тәжирийбесин, белсендилигин арттырыў, қалаберди, жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыўы жолында әмелге асырылып атырған избе-из реформалардыӊ нәтийжелерин кеӊнен жарытыў ҳәм халқымызға дүнья ҳәм елимизде болып атырған ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында исенимли мәлимлеме-миллий контент бериў, оны көбейтиўге үлес қосыўдан ибарат.
Холмурод Салимов,
Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығы ўазыйпасын атқарыўы.
ӨзА