«Жылўан жап» та жаңа балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды
291

Байрам қарсаңында Кегейли районы «Жылўан жап» МПЖ аймағында 9-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеминиң 120 орынға мөлшерлеп қурылған жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда тараў басшылары қатнасып, жыйналғанларды жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылғанлығы менен қутлықлады.
Өткерилген илажда бүгинги қүнде елимизде билимлендириўди раўажландырыўға, әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў қаратылып атырған итибар, жаратылған имканиятлар ҳәм шараятларға тоқтап өтилди.




Буннан соң имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги